Техника ҳәм инсан санасы арасындағы тең салмақлылық

8

Пикир

Ҳәр бир инсан қандай да бир тәрепи менен басқалардан ажыралып турады. Биреў ақылға уғрас келмейтуғын физикалық шынығыўларды орынлай алса, және биреў узын-шубай текстлерди ядлайтуғын дәрежеде күшли ядқа ийе болады. Негизинде, булардың барлығы талант есапланады. Соны айтыў керек, тек көркем өнер ҳәм дөретиўшилик адамлары ғана талантлы деген көз-қараслар онша дурыс емес. Себеби, тәкирарланбас сүўрет салыўшы художник футбол майданында 30 минут топ тебиўи мүмкин емес. Екеўинде де тийкарынан мийнет ҳәм талант сәйкес келеди. Футболшыда да, художникте де. Айрықша күшли ҳәм тез болған инсан яды да талант ҳәм машақатлы мийнет жемиси.

Тилекке қарсы, бүгинги күнде мине усындай күшли ядқа ийе адамлар азайып бармақта. Ҳәр бир раўажланыўдан гөзленген мақсет сөзсиз инсанға қолайлықтан ибарат. Бирақ техникалық имканиятлардың кеңейиўи, мағлыўматлар дереги өз қолымызда екенлиги есте сақлаўдың да төменлеўине алып келмекте. Телефон, компьютер сыяқлы қурылмаларға пүткиллей сүйенип қалыў ақыбетинде күнделикли турмыстағы айырым илимлерди де умытып қойып атырғанымыз ашынарлы.

– Буннан 15-20 жыл бурын қәлеген адамды көшеде тоқтатып, қосық сорасаңыз, дерлик ҳәмме айтып бере алатуғын еди. Бүгинги күнде болса ҳәтте шайырлардың көпшилиги де телефонға қарап қосық оқып береди, – дейди Самарқанд ўәлаяты Ақдәрья районындағы 40-санлы улыўма билим бериў мектебиниң оқытыўшысы, шайыр Баҳрилло Бердиев. – Мәселени бийкарға қосыққа байламадым. Себеби ядты беккемлеў, пикирлеўди кеңейтиўдиң ең жақсы шешими бул қосық ядлаў. Соның ушын оқыўшылар арасында китапқумарлық пенен бирге қосық оқыўды да жоқарылатыў зәрүр деп ойлайман. Әсиресе, баҳрыбайт ойынын ғалаба түрде күшейтип, соған жараса хошаметлеў мәселелерин де шөлкемлестирсек, келешек әўладтың тәбийғый ядын сақлап қалыўға муўапық боламыз. Бул кетисте жасалма интеллектке пүткиллей байланып қалсак, бизиң де роботтан айырмашылығымыз қалмайды.

Жуўмақлап айтқанда, инсанның өзлигин көрсетиўши ең әҳмийетли фактор оның мәнаўияты болып табылады. Әсиресе, өзиниң бийтәкирар естелиги ҳәм ой-пикири менен даңқ таратқан Имам Бухарий, Имам Термизий сыяқлы уллы инсанлардың әўладлары оларға мүнәсип әўлад болыўы керек.

Сонда ғана мәмлекетимиз басшысы атап өтип атырған Үшинши Ренессанс дәўирин қура аламыз.

Шербек Исломов, ӨзА