Инсан өкпесиз жасай ала ма?

22

Жаӊа технологиялар пайда болғанға шекем инсанды өкпесиз қалдырып болмайтуғын еди, ҳәтте сыртқы қурылмаларға жалғанған болса да бул жүдә қәўипли еди.

АҚШтың Чикаго қаласындағы Northwestern Medicine клиникасының хирурглары имкансыз нәрсени әмелге асырды: олар 34 жасар наўқасты 48 саат даўамында өкпесиз өмирде услап турды.

Наўқастың өкпеси күшли инфекция себепли ширий баслаған ҳәм бул пүткил денени зәҳәрлеп атырған еди. Жаӊа өкпе орнатыў (трансплантация) ушын наўқастың жағдайы оғада аўыр еди. Хирурглар бирден-бир жолды таңлады:

  1. Инфекция дереги болған өкпелерди алып таслаў.
  2. Наўқасты жасалма қан айланыў ҳәм кислород пенен тойыныў системасына (ЭКМО) жалғаў.

Қызығы сонда, өкпелер алып тасланғаннан соң, көкирек қуўыслығындағы бослықта жүрек ысырылып кетпеўи ушын шыпакерлер ўақтынша косметикалық көкирек имплантларын таяныш сыпатында пайдаланды.

Еки күн даўамында наўқастың денеси инфекциядан толық тазаланды ҳәм оған сәйкес донор өкпеси табылды. Ҳәзирги ўақытта ол еркин дем алып атыр ҳәм нормал турмысқа қайтқан.

Бул ўақыя орган көширип өткериўди күтип атырған, бирақ жағдайы оғада аўыр болған мыңлаған адамлар ушын жаңа үмит. Енди “жасалма системалар” жәрдеминде инсан денесин органсыз да ўақтынша өмирин сақлап турыў мүмкин.

Қарақалпақстан хабар агентлиги