Тақыятас районында да канализация тармақларын жаңалаў жумыслары басланды

53

Тақыятас районының канализация тармақларын қурыў ҳәм реконструкциялаў жумысларына старт берилиўи мүнәсибети менен салтанатлы илаж өткерилди.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, жыйналғанларды халқымыздың турмысында әҳмийетли орын тутатуғын ўақыялардан бири болған жаңа жойбардың басланыўы мүнәсибети менен қутлықлады.

Атап өтилгениндей, Президентимиздиң басшылығында елимиздиң барлық аймақлары қатарында Тақыятас районында да кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.

Усы қатарда, буннан дерлик 70 жыл алдын қурылған 90 барак үй бузылып, онда жасаўшы пуқаралар жаңа турақ жайларға көширилди. Буннан тысқары, усы жылы  мәмлекетлик бағдарламаларға тийкарланып 52 социаллық ҳәм инфраструктура объектлеринде улыўма баҳасы 316 млрд. сумлық қурылыс-оңлаў жумысларын алып барыў белгиленген.

Мине, усындай ийгиликли илажлардың даўамы сыпатында Президентимиздиң тапсырмасы менен қабыл етилген Министрлер Кабинетиниң 486-санлы қарары тийкарында “Жәҳән банки”ниң 78 млн. долларлық қаржылары есабынан Нөкис қаласы, Тақыятас ҳәм Хожели районларында 286 километрлик канализация тармақлары ҳәм объектлеринде қурылыс жумысларын алып барыў нәзерде тутылған.

Тақыятас районындағы канализация системаларын жаңалаў мақсетинде басланып атырған усы жойбар шеңберинде 77,5 километрлик канализация тармақлары ҳәм 6 насос станциясының қурылыс жумыслары алып барылыўы режелестирилген.

– Мағлыўмат ушын атап өтетуғын болсақ, әмелдеги канализация тармақлары 1951-1956-жылларда қурылған болып, 15,9 километрлик ақаба суў тармақларыныӊ бүгинги күнде дерлик ярымы (49,1%), сондай-ақ, 4 насос станциясы ҳәм 1 ақаба суў тазалаў имараты 100 процент капитал оңлаўға мүтәж жағдайда, – дейди «Қарақалпақ суў тәмийнаты» АЖ директоры Қ.Халмуратов.

Ақаба суўлар ҳәзирги ўақытта 1989-жылы қурылысы жуўмақланбаған, биологиялық тазалаўды тәмийинлемейтуғын биоҳәўизлерге жиберилмекте. Қуўатлылығы 7,2 мың м3/сутка болса да, әмелде талапларға жуўап бермейди.

Бул машқалаларды шешиў мақсетинде Министрлер Кабинетиниң
арнаўлы қарары тийкарында Жәҳән банки қатнасыўында “Нөкис, Тақыятас ҳәм Хожелиде ақаба суў системасын реконструкциялаў” жойбары әмелге асырылмақта.

Бул жойбардың толық жуўмақланыўы нәтийжесинде район халқының канализация тәмийнаты ҳәзирги 13 проценттен 42 процентке жеткериледи.

Сондай-ақ, канализация тармақларынан жыйналған суўларды қайта ислеў арқалы техникалық ҳәм хожалық мақсетлеринде пайдаланыў ушын жарамлы суўға айландырылады ҳәм пуқаралардың қыйтақ жерлерине жеткерип бериў жолға қойылады.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги