Жаңаланып атырған «Қутлы мәкан»

31

Бүгинги күнде Өзбекстанда басқарыў системасы басқа сырт еллерде ушыраспайтуғын миллий модел – мәҳәлле институты тийкарында әмелге асырылмақта. Мәҳәллениң абаданлығын арттырыў, исбилерменликти раўажландырыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў, мәнзилли социаллық қорғаў мәселелери тиккелей орынларда көрип шығылып, машқалаларды мәҳәллениң өзинде шешетуғын халықшыл система жаратылды. «Басламалы бюджет», «Мәҳәлле жәрдемшиси» сыяқлы институтлардың енгизилиўи машқалаларға жоқарыдан емес, төменнен шешим табылыўына тийкар жаратты.

Әсиресе, 2026-жылдың «Мәҳәллени раўажландырыў ҳәм жәмийетти илгерилетиў жылы» деп жәрияланыўы мәҳәлле ҳақыйқатында да реформалардың нәтийжесин көриў мүмкин болған дәслепки буўын екенлигиниң айқын дәлийли болды. Елимиздеги мәҳәллелерде жыйналып қалған машқалаларды шешиў, адамларға мүнәсип турмыс шараятын жаратып бериў бағдарында Президентимиздиң тапсырмалары тийкарында алып барылып атырған кең көлемли әмелий жумыслар «Қутлы мәкан» мәкан пуқаралар жыйынында да өзиниң унамлы нәтийжелерин көрсете баслады.

Мәҳәлледе кәмбағаллықты қысқартыў, мүтәж адамларға мәнзилли социаллық жәрдем көрсетилиўин кеңейтиў, халықтың дәраматларын арттырыў бағдарында кең көлемли жумыслар әмелге асырылды ҳәм даўам етпекте. Өткен жылы аймақтағы көплеген шаңарақлардың мыңлаған ағзалары турақлы жумысқа жайластырылды, исбилерменлик жумысын баслаўы ушын кредит, ссуда ҳәм субсидиялар ажыратылды, кәсип-өнер ҳәм исбилерменликке оқытылды.

Аймақта жасап киятырған 1 мың 710 шаңарақтан 10 проценти «Кǝмбағал шаңарақлар реестри»не киргизилди. Быйылғы жылы «Жойбарлы қатнас» жойбарлары тийкарында кредит, ссуда ҳǝм субсидия ажыратыў, исбилерменликке тартыў арқалы 35 шаңарақтың дǝраматын арттырыў ҳǝм реестрден шығарыў илажлары көриледи. Нǝтийжеде 2026-жылдың биринши шерегинде мǝҳǝлле жумыссызлық ҳǝм кǝмбағаллықтан тыс аймаққа айланады.

Бул бағдарда пуқара ҳǝм хожалық кесиминде ислеў бойынша Сырдǝрья ўǝлаяты Сайхунобод районы тǝжирийбеси енгизилмекте. Сайхунобод тǝжирийбеси тийкарында халықтың социаллық қорғаўға мүтǝж, кǝмбағал қатламын қысқартыў, жумыссыз ҳǝм рǝсмий түрде бǝнт болмаған жасларды жумысқа жайластырыў бағдарында кең көлемли жумыслар баслап жиберилди. Мǝҳǝлледе жасаўшылардың барлық қатламы хатлаўдан өткерилип, жумыссыз ҳǝм рǝсмий бǝнт болмаған пуқаралар дизими қǝлиплестирип алынды. Атап айтқанда, быйылғы жылы 5 жумыссыз пуқара ҳǝм оның шаңарағы қосымша дǝрамат дерегин жаратыў ушын тамарқа жерлеринен өнимли пайдаланыў мақсетинде социаллық жǝрдемлер көрсетиў ямаса қолында бар өнери арқасында микро-жойбарларды ǝмелге асырыўы ушын субсидия ажыратыў илажлары көрилмекте. Нǝтийжеде рǝсмий болмаған дǝраматқа ийе шаңарақ сыпатында «Soliq.uz» платформасынан өткериў есабына кǝмбағаллықтан шығарылады.

– Əҳмийетлиси, социаллық реестрде турған, бирақ, мийнетке жарамлы, рǝсмий дǝраматқа ийе болмаған пуқараларымызды дǝраматлы етиў, өзиниң жолларын таўып кетиўине жǝрдемлесиў мақсетинде мǝнзилли жумыслар ǝмелге асырылмақта, – дейди мǝҳǝлле ақсақалы Замира Қутлымуратова. – Бул болса, өзиниң нǝтийжесин көрсетпей қалмайды.

– Шаңарағамызда экономикалық машқалалар болып, қатты қыйналдық. Соның ушын мǝҳǝллеге мүрǝжат еттим, – дейди «Қутлы мǝкан» мǝҳǝллеси турғыны М.Жалғасбаева. – Тигиўшилик бойынша уқыбым бар екенлигин билгеннен соң, маған жеңилликли кредит тийкарында тигиў машинасы ҳǝм оверлок алыўым ушын дизимге киргизилдим. Елбасшымызға халықтың жумыссыз ҳǝм дǝраматсыз қатламын дǝраматлы етиўдеги жанкүйерлиги ушын мың-мың рахмет.

Жаңа «мәҳәлле бюджети» системасы әмелиятқа енгизилиўи нәтийжесинде халық жергиликли бюджет қаржыларын анық талапларынан келип шыққан ҳалда бөлистириўде тиккелей қатнасып, өзлериниң машқалаларын бийғәрез шешпекте. Физикалық шахслардан алынатуғын бир қатар салықлар ҳǝм мǝҳǝлле тǝрепинен көрсетилген мǝмлекетлик хызметлер ушын өндирилген қаржылардың 10 проценти муғдарындағы мǝҳǝллениң социаллық-экономикалық машқалаларын шешиў фонды бунда үлкен ǝҳмийетке ийе. Усы қаржылар тийкарынан мәҳәлледеги Нәўше, Толыскөл ҳәм Ҳидаят көшелерине автомобиллер ушын тезликти азайтыўшы тосықлар орнатыў, социаллық қорғаўға мүтәж шаңарақларды материаллық қоллап-қуўатлаў, турақ жайларын оңлаў, мәҳәллениң материаллық-техникалық базасын беккемлеў илажларына жәми 105 миллион сум қаратылыўы режелестирилген.

«Мәҳәлле жетилиги» системасы әмелиятқа енгизилгеннен берли халықтың машқалаларын мәҳәлле дәрежесинде шешиўдиң нәтийжелилиги артып, жетиликтиң коллегия қарарлары тийкарында мәҳәллениң социаллық-экономикалық жағдайы жақсыланбақта. Сондай-ақ, ҳәр қыйлы социаллық «дәптер»лер арқалы ҳаял-қызлар, жаслар, майыплығы болған шахслар, сондай-ақ, мәҳәлле инфраструктуралары менен байланыслы машқалаларға шешим табылмақта.

Жол инфраструктурасын жақсылаў мақсетинде ишки жолларға қум-шағал тас араласпасы, асфальт төсеў бойынша жойбарлар ислеп шығылды. Атап айтқанда, 2026-жылы басламалы бюджет есабынан Ораз аталық, Қутанкөл, Ҳǝким ата, Гүлистан көшелери ҳǝм Ораз аталық өткелинде жǝми 26 километр узынлықтағы жоллар асфальтланады. Өткен жылы болса, мәҳәллениң ықшам жаңа имараты қурып питкерилди. 2025-жылы Басламалы бюджет есабынан Ғафур Ғулам, Термиз ҳәм Ҳидаят көшелери асфальтланды. Мәҳәлле аймағындағы 50 ге шамалас саўда дүканлары, 4 улыўма аўқатланыў шахабшасы ҳәм тойхана, дәрихана, 3 шаштәрезхана аймақтың көринисине көрик бағышлап, адамлардың аўырын жеңил етпекте, оларды жумыс пенен тәмийинлеўде қосымша имканият болмақта.

Президентимиздиң «Абат мǝҳǝлле» ҳǝм «Абадан көше» бағдарламалары халқымыздың абадан ҳǝм пайызлы үйлерде мүнǝсип жасаўы ушын зǝрүрли шараятларды жаратыўда ǝҳмийетли орын тутпақта. Мәҳәллениң абаданлығы ең алды менен, хожалықлар, көшелердиң абаданлығынан басланады. Сол себепли биринши гезекте мәҳәлледеги 1 мың 710 турақ жайдың ишки ҳәм сыртқы көринисин заманагөй көриниске келтириў, пардозлаў, олардың аймағында тазалаў, абаданластырыў ҳәм көкилемзарластырыў жумысларын әмелге асырыў, үй алды қыйтақ жерлерине толық егин егиўди тәмийинлеўге итибар қаратылмақта. Келеси жылы Жасмин, Нурлы жол, Жаңа ел, Айтолқын ҳǝм басқа да көшелердеги хожалықларды шығындылардан тазалаў, үй алдына 1 мың 500 түп мийўели, көшелерге 1 мың 200 түп мийўели ҳǝм саяманлы терек нǝллерин, сондай-ақ, ҳǝр қыйлы гүллерди отырғызыў, оңлаўға мүтǝж дийўалларды тǝртипке салыў, ҳǝклеў илажлары ǝмелге асырылыўы режелестирилген.

Мǝмлекетимизде соңғы жылларда «Абат мǝҳǝлле» мǝмлекетлик бағдарламасы, «Жасыл мǝкан» улыўма миллий жойбары шеңберинде кең көлемли ийгиликли жумыслар ǝмелге асрылмақта. Быйылғы жылы да мǝҳǝллениң ең аўыр аҳўалдағы 12 мүтǝж шаңарағында «Абадан хожалық» принципин енгизиў мақсетинде турақ жайлары оңланып, жасаў шараятлары жақсыланады. Усы сыяқлы мǝҳǝллени қурылыс-оңлаў ҳǝм абаданлық мǝканына айландырыў жумыслары мақтаўға ылайық.

Өткен жылы мǝҳǝлледе қыйтақ жерлердиң суўғарыў системасы жақсыланды, турақлы электр энергиясы ҳǝм оптикалық талшықлы интернет тармағы менен тǝмийинленди. Ишки жоллар оңланып, «Абат хожалық – абадан көше – абат мǝҳǝлле» нормалары енгизилди ҳǝм мǝҳǝллениң көриниси пүткиллей өзгерди.

– Үйлериниң алдындағы қыйтақ жеринде дийқаншылық ететуғын мǝҳǝллемиз турғынлары мǝмлекетимиздиң қаратып атырған итибарынан үлкен қуўанышқа бөленди, – дейди Нур шашқан көшеси бийи Б.Қосымбетов. – Əсиресе, узақ ўақытлардан берли халықты ойландырып киятырған қыйтақ жерлерди суўғарыў машқаласы шешилгенинен кеўлимиз толды. Бул ǝмелге асырылған жумыслар үй алдындағы қыйтақ жерлерден пайдаланыўдың өнимдарлығын арттырады. Дǝраматын көбейтеди.

Улыўмаластырып айтқанда, жаңа дәўир реформалары мәҳәллени жәмийеттиң шын мәнидеги сүйенишине айландырды. Ол халықтың тәшўиш ҳәм машқалаларын еситетуғын, орнында үйренип шешетуғын күшке айланды. Аймақтағы реформалар «Қутлы мәкан» ның атына сай мәҳәллеге айланыўына тийкар болмақта. Нәтийжеде бул жерде жасайтуғын 9 мыңға шамалас халықтың турмыс тәризи түптен өзгермекте.

М.Пирназарова,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы