Банклер ҳәм тутыныўшылар арасындағы қатнасықларда жаңа стандартлар енгизилди

26

Бизге белгили, 2025-жыл 28-октябрьде Орайлық банк тәрепинен тастыйықланған “Банк хызметлери тутыныўшылары менен өз-ара қатнасықларды әмелге асырыўда коммерциялық банклердиң жумысына қойылатуғын минимал талаплар ҳаққында”ғы режеге өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди.

Бул өзгерислер тутыныўшылардың ҳуқықларын беккемлеў, банк хызметлери базарында ашық-айдынлықты арттырыў ҳәм қарызлар бойынша қәўиплерди азайтыў мақсетинде ислеп шығылды.

Нызамшылықта белгиленгениндей, бул өзгерислер бүгин, 2026-жыл 30-январьдан рәсмий күшке киреди ҳәм банклер ҳәм тутыныўшылар арасындағы қатнасықларда жаңа стандартлар енгизиледи.

Жаңа қағыйдаларға бола, коммерциялық банклер қарыйдар кредит шәртнамасын рәсмийлестириўден алдын стандарт чек листин усыныўы шәрт. Бул чек лист арқалы ҳәр бир тутыныўшы, кредит алыў менен байланыслы барлық қәўип-қәтерлер ҳәм миннетлемелер ҳаққында алдыннан хабардар етиледи.

Кредиттиң ҳақыйқый баҳасы, процентлер, хызмет ҳақылары ҳәм басқа да қәрежетлер ҳаққында толық мағлыўмат алады. Чек листти тастыйықламастан кредит шәртнамасы дүзилмейди.

Бул илаж кредит алыўшының қарыз алыўда ҳақыйқый қарар қабыл етиўин тәмийинлейди, анық емес шәртлерден қорғайды ҳәм тутыныўшыға қарыз жүгин таллаў имканиятын береди.

Өзгерислерге бола, егер пуқара кредит төлемлерин кешиктирип атырған болса, банк оған шәртнаманы қайта көрип шығыў ҳәм жеңиллик бериў имканиятын береди. Бул ҳәзирги экономикалық шараятта пуқаралардың финанслық жағдайындағы өзгерислерге бейимлесип, қарыз жүгин жумсартыў ушын әҳмийетли қәдем болып хызмет етеди.

Жаңа қағыйдалар менен банклер, пуқараларды өз қәлеўинен артық қарыз алыўға ийтермеўи, мәмлекет тәрепинен ажыратылып атырған социаллық напақалар, соның ишинде, социаллық карта есап бетине түсетуғын қаржылардан қарыз өндирилиўине жол қоймаўы белгилеп қойылды. Бул илажлар социаллық жақтан әззи қатламларға әдил мүнәсибетти тәмийинлеўге хызмет етеди.

Банклер ушын және бир әҳмийетли талап – кредит бериўде клиенттиң разылығысыз алдыннан белгиленген белгилер яки кредит параметрлерин қәлиплестирип қоймаў. Яғный ҳәр бир қарыйдар кредит шәртлерин таңлаўда еркин қарар қабыл етиў ҳуқықына ийе ҳәм бул ҳуқық кепилленеди.

Жаңа тәртип пенен банклер аманатларды тартыўда пуқараларға рәсмий ҳәм стандарт түрде анық мағлыўмат бериў миннетлемесин де алды. Бул аманат қойыўшыларға толық финанслық мағлыўмат бериў ҳәм анық емес шәртлерден қорғаў мақсетинде енгизилмекте.

Бул өзгерислер мәмлекетимиздиң финанс секторын тек ғана базар қағыйдаларына муўапықластырыў емес, ал пуқараларды кредит қарызлары бойынша қәўип-қәтерден қорғаў, финанслық билим ҳәм ҳуқықларын беккемлеўди де нәзерде тутады.

Банклер клиентлер менен қатнасықларда көбирек ашық-айдынлық ҳәм әдилликти тәмийинлейди. Финанслық хызметлер базарында исеним дәрежеси артады. Қарызлар бойынша надурыс әмеллер ҳәм қарыз жүги унамсыз ақыбетлери азаяды.

Орайлық банк ҳәм финанслық қадағалаў уйымлары тәрепинен бундай стандартлардың енгизилиўи экономикалық сабақлардан келип шыққан ҳалда қабыл етилмекте. Халықаралық тәжирийбеде бундай чек листлери ҳәм пуқаралардың ҳуқықларын қорғаўшы механизмлер финанслық хызметлер базарында тутыныўшылардың исеним дәрежесин сезилерли арттырған.

Шаҳноза Маматуропова, ЎзА