Amazon 16 000  хызметкерин босатпақта

7

“Amazon” корпорациясы структурада 16 000 жумыс орны қысқартылғанын тастыйықлады. Бул ҳаққында “Reuters” агентлиги хабар берди. Усы тәризде октябрь айынан берли босатылғанлардың саны шама менен 30 000 ға жетти. Қурамды ықшамластырыў талап етилиўи итималы да бийкарланбай атыр.

Кәрхана басшылығының мәлим етиўинше, бул процесс бас директор Энди Жэссидиң нәтийжелиликти арттырыў, артықша қағазпазлықты азайтыў ҳәм нәтийжесиз бағдарлардан ўаз кешиў сиясаты шеңберинде әмелге асырылмақта.

Усы күнлерде “Amazon” қалған барлық физикалық саўда форматлары – “Fresh” азық-аўқат дүканы ҳәм “Go” маркетлери жабылатуғынын жәриялады. Сондай-ақ, алақан арқалы толтырыў имканиятын беретуғын “Amazon One” биометриялық системасынан да ўаз кешип атырғаны айтылды.

Мүмкин, 30 000 адам шығып атырғаны 1,58 миллионлық жәмәәт ушын көп емес. Солай болса да, корпоратив хызметкерлердиң дерлик 10 процентин қурайтуғын бўл муғдар Амазон тарийхында бирден қысқартыў менен байланыслы ең салмақлы ис болып есапланады.

Инсан ресурслары бойынша басшы Бэт Галлети бул қарар менен шөлкемлестириў қатламын қысқартыў, жуўапкершиликти арттырыў ҳәм бюрократияны сапластырыў мақсети гөзленгенин атап өтти. Оның айтыўынша, айырым бөлимлерде структуралық өзгерислер даўам етеди.

Қәнигелердиң пикиринше, бул процесс жасалма интеллект технологиялары жедел енгизилип атырғанына да байланыслы. Компания басшылығы алдынрақ ЖИ қуралларын кеңнен қолланыў нәтийжесинде айырым ўазыйпалар автоматластырылыўы, нәтийжеде жумыс орынлары қысқарыўы мүмкин екенлигин билдирген еди.

Ҳақыйқатында да, бул хабарлардан кейин компания акциялары 2,1 процентке төменлеген.

Д.Ҳакимов, ЎзА