Сума Чакрабарти: “Өзбекстан ашық ҳәм бизнес ушын қолайлы мәмлекет сыпатында танылмақта”

34

Өзбекстан Республикасы Президентиниң Экономикалық раўажланыў, нәтийжели басқарыў ҳәм халықаралық бирге ислесиў мәселелери бойынша кеңесгөйи Сума Чакрабарти Өзбекстанда әмелге асырылып атырған реформалар, Жәҳән саўда шөлкемине ағзалық, мәмлекетлик басқарыўды жетилистириў ҳәм инвестицияларды тартыў мәселелери бойынша пикир билдирди.

Оның атап өтиўинше, “Өзбекстан – 2030” стратегиясы тийкарында соңғы жылларда кең көлемли жумыслар әмелге асырылды. Көплеген экономикалық реформалар бүгин өз нәтийжесин бермекте, буны мәмлекет экономикасының турақлы өсиў пәтлеринде айқын көриў мүмкин.

Әсиресе, Өзбекстанның Жәҳән саўда шөлкемине (ЖСШ) ағза болыўына қаратылған процессте қатнасқанынан мақтанатуғынын атап өтти. Оның сөзлерине бола, ЖСШға ағза болыў стратегиялық әҳмийетке ийе қарар болып, бул процесс көплеген тараўларда системалы ҳәм терең реформаларды әмелге асырыўды талап етти. Усы мәнисте, ЖСШға ағзалыққа умтылыў реформалар ушын әҳмийетли ҳәрекетлендириўши факторға айланды.

Сондай-ақ, Президент жанында шөлкемлестирилген орынлаў (delivery) бөлиминиң жумыс нәтийжелерин де жоқары баҳалады. Атап айтқанда, ҳаял-қызлар саламатлығы, суў тәмийнаты ҳәм билимлендириў инфраструктурасы тараўларында бул бөлимниң нәтийжели жумысы анық нәтийжелер бергени атап өтилди. Енди бул тәжирийбени және де кеңирек көлемде енгизиў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Сума Чакрабарти Мәмлекетлик басқарыў академиясы ҳәм “Эл-юрт умиди” қоры менен биргеликте алып барылып атырған жумысларға да айрықша тоқтап өтти. Бул институтларды заман талапларына сәйкес түрде жаңалаў ҳәм олардың мәмлекетлик хызмет системасын раўажландырыўдағы әмелий тәсирин күшейтиў тийкарғы мақсетлерден екени атап өтилди.

Инвестиция мәселесине тоқтап өтип, соңғы жыллары Өзбекстанға салмақлы сырт ел инвестициялары кирип келип атырғанын, енди және де кең географиялық регионлардан инвесторларды тартыў әҳмийетли екенин атап өтти. Оның пикиринше, Өзбекстанның ашық, модернизацияланып атырған ҳәм бизнес жүргизиў ушын қолайлы мәмлекет сыпатындағы имиджи бул бағдарда үлкен имканиятлар жаратпақта.

Соның ишинде, өткен жылы октябрь айында Лондонда өткерилген инвестициялық роуд-шоу (roadshow) илажының табыслы өткени, көплеген компаниялар Өзбекстанның инвестициялық потенциалы менен биринши мәрте танысқаны атап өтилди. Быйыл және бир қатар инвестициялық роуд-шоуларды, соның ишинде, БАӘ ҳәм дүньяның басқа да регионларында өткериў режелестирилмекте.

Соның менен бирге, инвесторлар, бәринен бурын, ҳуқықый кепилликлер беккем болған, келиспеўшиликлерди шешиў системасы халықаралық стандартларға муўапық нәтийжели ислейтуғын мәмлекетлерди таңлайтуғынын атап өтти. Сол себепли, Ташкент Халықаралық коммерциялық суды (TICC) шөлкемлестирилиўине үлкен үмит билдирип, бул институт инвесторлар ушын исенимли ҳуқықый орталық жарататуғынын атап өтти.

Оның сөзлерине бола, халықаралық дәрежеде келиспеўшиликлерди шешиў имканияты Өзбекстанға инвестициялар ағымын және де жеделлестиреди ҳәм экономикалық өсиўди қоллап-қуўатлайды.

 

ӨзА