Илимпазлар биринши мәрте ыдыс ишинде қан тамырларына ийе болған мий қабығын жетистирди

9

Лаборатория шараятында тек ғана мий қабығының миниатюра нусқасы (органоид) емес, ал оның жеке қан тамырлары системасы да жаратылды. Бул “мини-мий” ҳәзирге шекем жаратылған ең жетилискен моделлерден бири.

Бундай органоидлар 2013-жылдан берли аутизм ҳәм шизофрения сыяқлы кеселликлерди үйрениўде жәрдем берип келмекте. Бирақ олардың үлкен кемшилиги бар еди: бир неше айдан соң кислород ҳәм азықлық затлар жетиспеўшилигинен олар набыт болар еди. Себеби оларда қан тамырлары жоқ еди.

Сан-Францискодағы Калифорния университети илимпазлары кортикал органоидлар әтирапында қан тамырлары клеткаларын өсириўге еристи.

Визуализация тамырлардың иши тап ҳақыйқый сыяқлы бослыққа ийе екенлигин көрсетти.

Жаңа тамырлар мийди зыянлы затлардан қорғайтуғын гематоэнцефалиялық тосықты (барьер) қәлиплестире алды.

Бул технология келешекте бас мий кеселликлерин емлеў ҳәм дәри қуралларын сынақтан өткериўде жаңа дәўирди баслап бериўи мүмкин.

Қарақалпақстан хабар агентлиги