Өзбекстан – Корея: санлы ҳуқықтаныўда бирге ислесиў

34

“Адолат” миллий ҳуқықый мәлимлеме орайында 2025-2026-жылларға мөлшерленген KSP (Knowledge Sharing Program)  билим алмасыў бағдарламасы шеңберинде елимизге келген Корея Республикасы делегациясы ўәкиллери менен кеңейтилген ушырасыў болып өтти.

Бул илаж Өзбекстан ҳәм Қубла Корея арасындағы көп қырлы бирге ислесиў байланысларының логикалық даўамы сыпатында, ҳуқықый тараўды санластырыў ҳәм халықтың ҳуқықый мәдениятын арттырыўда алдынғы сырт ел тәжирийбесин енгизиў мақсетинде шөлкемлестирилди. Ушырасыўда Орайдың басшылары ҳәм тараў қәнигелери Корея делегациясы менен ҳуқықый мәлимлеме системаларын басқарыў ҳәм модернизациялаў мәселелерин ҳәр тәреплеме додалады.

Ушырасыўда Корея тәрепи өзлериниң ең алдынғы қолланбаларын, атап айтқанда, жасалма интеллектке тийкарланған “Lawbot” системасын көрсетти. Бул система пайдаланыўшыларға қурамалы ҳуқықый мәселелерде реал ўақыт режиминде онлайн мәсләҳәт бериў имканиятына ийе екенлиги менен әҳмийетли болып есапланады. Сондай-ақ, Кореяда нызам ҳүжжетлерин халыққа турмыслық жағдайлар кесиминде, инфографикалар жәрдеминде әпиўайы ҳәм түсиникли тәризде жеткериўге хызмет ететуғын “Easy Law” (easylaw.go.kr) платформасының жумысы ҳәр тәреплеме талланды. Атап өтилгениндей, Қубла Кореяның санлы ҳүкимет тараўында дүньяда жетекши статусы бул технологиялардың қаншелли нәтийжели екенинен дәрек береди.

Өз гезегинде, “Адолат” орайының қәнигелери Өзбекстан Республикасы Нызамшылық мағлыўматлары миллий базасы – Lex.uz системасының соңғы жыллардағы техникалық трансформациясы ҳаққында презентация өткерди. Системада енгизилген ҳүжжетлерди аудио түринде тыңлаў, нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарларына жәмийетшилик тәрепинен усыныслар бериў функциялары және излеў алгоритмлериниң оптималластырылғаны кореялы қәнигелерде үлкен тәсир қалдырды.

Сөйлесиў жуўмағында тәреплер Lex.uz системасын буннан былай да жетилистириў, оны басқа мәмлекетлик мәлимлеме системалары менен интеграциялаў ҳәм келешектеги режелерди белгилеп алды. Кореялы қәнигелер Өзбекстанда ҳуқықый мәлимлеме тараўында әмелге асырылып атырған реформалар ҳәм тараўдағы унамлы өзгерислерди жоқары баҳалап, еки мәмлекет арасындағы бул стратегиялық шериклик ҳуқық үстинлигин тәмийинлеў ҳәм халыққа сапалы ҳуқықый хызмет көрсетиўде жаңа басқышты баслап беретуғынын атап өтти.

Бундай жойбарлар мәмлекетимизде санлы ҳуқықый орталықты қәлиплестириў ҳәм “Мәмлекет – инсан ушын” принципин турмысқа енгизиўде әҳмийетли тийкар болып хызмет етеди.

ӨзА