Өзбекстан – Қытай илимий симпозиумы болып өтти

10

Пайтахтымыздағы Орайлық Азия халықаралық институтында ҚХР Коммунистлик партиясы Орайлық комитети 20-шақырық 4-пленумының жуўмағына бағышланған брифинг ҳәм “Глобаллық трансформация ҳәм мәмлекетлик басқарыў” темасында Өзбекстан – Қытай халықаралық илимий симпозиумы болып өтти.

Илажлар Қытай Социаллық илимлер академиясы (ҚСИА) менен биргеликте, еки мәмлекет арасында соңғы жылларда избе-из раўажланып атырған ҳәр тәреплеме стратегиялық шериклик қатнасықлары шеңберинде шөлкемлестирилди.

Дәслеп ҚХР КП ОКның гезектеги пленумының нәтийжелерине бағышланған брифингте ҚСИА президенти, ҚКП Орайлық Комитетиниң ағзасы Гао Сян Чин үлкесинде жүз берип атырған унамлы өзгерислер, атап айтқанда, мәмлекетлик басқарыў системасын жетилистириўге қаратылған социаллық-экономикалық раўажланыў ҳәм глобаллық трансформация шараятында мәмлекетти раўажландырыў стратегиясы ҳаққында толық мағлыўмат берди.

Өз гезегинде Олий Мажлис Нызамшылық палатасы Спикериниң орынбасары Раҳим Ҳакимов ҳәм “Раўажланыў стратегиясы” орайының атқарыўшы директоры Элдор Туляков Өзбекстанның мәмлекетлик басқарыўды модернизациялаў тәжирийбеси ҳәм елимизде әмелге асырылып атырған стратегиялық реформалар ҳаққында пикир билдирди.

Әнжуман шеңберинде Қытай Халық Республикасы Баслығы Си Цзинпинниң шығармаларына бағышланған арнаўлы көргизбе шөлкемлестирилди.

Кейинги илаж – төрт темадағы сессиядан ибарат “Глобаллық трансформация ҳәм мәмлекетлик басқарыў” атамасындағы Өзбекстан – Қытай халықаралық илимий симпозиумында глобаллық өзгерислер шараятында мәмлекетлик басқарыў бойынша тәжирийбе алмасыў, еки мәмлекет экономикалық бирге ислесиўиниң жаңа басқышы, жасалма интеллект ҳәм “Санлы Жипек жолы” басламасы шеңберинде өз-ара байланыслылықты раўажландырыў перспективасы, регионаллық бирге ислесиў, “Орайлық Азия – Қытай” форматы, ШБШ шеңбериндеги бирге ислесиў ҳәм раўажланыў стратегияларын үйлестириў мәселелери додаланды.

Атап өтилгениндей, бундай илимий-экспертлик платформалар шерикликти мазмуны жағынан және де байытыў, мәмлекетлик басқарыў, экономикалық модернизация, санлы раўажланыў ҳәм регионаллық турақлылық тараўларында анық әмелий шешимлер ислеп шығыўға хызмет етеди.

Дилшод Ҳакимов, Фарход Абдурасулов (суўрет), ӨзА