Тоқаевтың баспасөз хаткери өзгерди

Қазақстан жетекшиси Қасым-Жомарт Тоқаев Руслан Желдибайды өзиниң кеңесгөйи лаўазымынан босатты. Соның менен бирге, президенттиң бийлиги менен Айбек Смадияров оның кеңесгөйи – мәмлекет басшысының баспасөз хаткери етип тайынланды. Бул ҳаққында Ақорда хабар бермекте.
Айбек Смадияров 1983-жылы Алма-ата қаласында туўылған, 2004-жылы Аблайхан атындағы Қазақстан халықаралық қатнасықлар ҳәм жәҳән тиллери университетин ҳүжжетши-интернционалист қәнигелиги бойынша тамамлаған.
Ол алдын мәмлекет СИМ системасында ҳәм мәмлекет басшысы админстрациясында ислеген. Қазақстанның Венгрия ҳәм Вьетнамдағы елшиханаларында дипломатиялық хызметти атқарған. II дәрежели мәсләҳәтши дипломатиялық дәрежесине ийе.
А.Смадияров 2025-жыл 11-декабрь күни болып өткен брифингте журналистлерге Қазақстан Сыртқы ислер министрлигиндеги рәсмий ўәкил лаўазымынан кеткенин айтқан еди.
Ў.Алимов, ӨзА