Спортшымыз Японияда тәжирийбе арттырды

21

28-февраль – 1 март күнлери мәмлекетимиз пайтахтында болып өтетуғын OTP Group Tashkent Grand Slam 2026 турнирине қызғын таярлық көрип атырған дзюдо бойынша Өзбекстан ерлер сайланды командасы ағзалары Япония мәмлекетинде өткерилген 20 күнлик оқыў-шынығыўларына қатнасты.

Сайланды командамыз бас тренери Алексей Будолин басшылығындағы дзюдошыларымыз белгиленген реже тийкарында 11-18-январь күнлери Кокушикан, 18-24-январда Токаи, 24-29-январь күнлери аралығында болса, Нихон Университети қасындағы дзюдо орайында шуғылланды.

Өткерилген бул халықаралық жыйын шеңберинде командамыз ағзалары Япония ҳәм Түркия сайланды командалары менен биргеликте шынығыўларға қатнасты.

Әҳмийетли тәрепи сонда, бул оқыў-шынығыўларда қарақалпақстанлы жас палўан Ерназар Сарсенбаев та қатнасып, өзиниң шеберлигин арттырып қайтты.

– Оқыў шынығыўына мәмлекетимиз сайланды командасынан -60 кг салмақта Баҳром Ботуров, Самариддин Қўчқоров, -66 кг да Замоҳшари Бекмуродов, Абдураҳим Нутфуллоев, -73 кг да Шаҳрам Аҳадов, -81 кг да Арслон Тожиев, -90 кг да Давлат Бобонов, Шаҳзодхўжа Шарипов, Умар Бозоров, -100 кг да мен ҳәм  +100 кг да Алишер Юсуповлар қатнасты. Онда бизлер устазларымыздан, япониялы ҳәм түркиялы күшли палўанлардың татамиге шығыўларынан үлкен тәжирийбе алдық. Бул әлбетте, бизлерге оғада пайдалы болды, – дейди  Ерназар Сарсенбаев.

Сайланды командамыз ағзалары бүгин елимизге жетип келеди.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы