Нөкистеги Шабандозлар мектеби “Euronews”те

31

Нөкис қаласында жайласқан Миллий гвардияның Қарақалпақстан Республикасы аймақлық оқыў орайындағы Миллий гвардия Шабандозлар мектебиниң жумысы менен жақыннан танысыў мақсетинде “Euronews” телеканалының Өзбекстандағы ўәкиллери келди.

Сапар даўамында мийманларға Шабандозлар мектебинде атлар ҳәм спортшылар ушын жаратылған заманагөй шараятлар, оқыў-шынығыў процесслери, атларды бағыў системасы толық көрсетилди.

Сондай-ақ, мектеп тәрбияланыўшылары тәрепинен ат спортының түрли бағдарлары бойынша көргизбели шығыўлар шөлкемлестирилип, шабандозлық шеберлиги көрсетилди.

Бул илаж Миллий гвардия системасында ат спортын раўажландырыў, жас әўладты усы бағдарға кеңнен тартыў ҳәм миллий ат спорты дәстүрлерин халықаралық көлемде үгит-нәсиятлаўға хызмет ететуғыны атап өтилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги