Педагогикалық шеберлик ҳәм халықаралық баҳалаў орайы ҳәм ETS арасында бирге ислесиў меморандумына қол қойылды

14

Педагогикалық шеберлик ҳәм халықаралық баҳалаў илимий-әмелий орайының делегациясы АҚШта ETS (Educational Testing Service) тәрепинен шөлкемлестирилген халықаралық саммитке қатнасты.

Илаж жуўмақлары бойынша Орай ҳәм ETS арасында өз-ара бирге ислесиў ҳаққында меморандумға қол қойылды. Ҳүжжетте келешектеги бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарлары белгиленип, тәжирийбе алмасыў, илимий-изертлеў жумысларын жолға қойыў ҳәм баҳалаў системасын жетилистириў мәселелери қамтып алынды.

Сондай-ақ, Орай делегациясы ETS тәрепинен шөлкемлестирилген 4 күнлик оқыў-тренинг бағдарламаларында қатнасып, оны табыслы жуўмақлады. Оқыў сабақлары даўамында заманагөй баҳалаў көзқараслары, тестология, илимий-изертлеў тийкарында баҳалаў системасы ҳәм имтиханлардың қәўипсизлигин тәмийинлеў мәселелери додаланды.

Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, ETS билимлендириўди баҳалаў тараўында дүньядағы ең ири ҳәм абырайлы шөлкемлерден бири есапланып, бир қатар халықаралық имтиханларды ислеп шығады ҳәм әмелиятқа енгизеди. Бул бирге ислесиў миллий баҳалаў системасын халықаралық стандартларға бейимлестириўде үлкен әҳмийетке ийе болыўы күтилмекте.

Муҳайё Тошқораева, ӨзА