Қамақтағылар менен ушырасыўлар, аралықтан видео-байланыслар қалай шөлкемлестириледи?

34

Елимиздеги жазаны өтеў мәкемелеринде 30 мыңнан аслам қамақтағылар жаза мүддетин өтеп атыр. Олардың жақынлары менен ушырасыўлары қалай шөлкемлестирилмекте? Жаңадан енгизилген аралықтан видео ушырасыўлар қандай тәртипте әмелге асырылады?

Сенаттың Қорғаныў ҳәм қәўипсизлик мәселелери комитетиниң баслығы Қутбиддин Бурхонов бул мәселеге анықлық киргизди:

– Мәмлекетимизде қамақтағылардың ҳуқықлары менен еркинликлерин және нызамлы мәплерин тәмийинлеў бойынша системалы жумыслар әмелге асырылмақта.

Әсиресе, кейинги жети-сегиз жылда еркинен айырыў орынларында сақланып атырған ямаса жаза мүддетин өтеп болған шахсларға мүнәсибет пүткиллей өзгерди.

Билип-билмей жынаят ислеген шахслардың турмыслық мәплерин тәмийинлеў, олардың арзыў-нийетлери, қәбилети менен талантын жүзеге шығарыўға қаратылған шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый тийкарлар заман менен үнлес жетилисип бармақта.

Қамақтағыларды сақлаў шараятлары халықаралық стандарт талапларына бейимлестирилмекте ҳәм ҳуқықлары және де кеңейтилмекте.

Жазаны орынлаў мәкемелеринде 30 мыңнан аслам қамақтағылар жаза мүддетин өтеп атырған болса, ҳәр бириниң 3 адамға шекемги жақынлары, яғный еки үлкен ҳәм бир жас өспирим шахс бир жылда 6 мәрте қамақтағы менен узақ мүддетли (1 суткадан 3 суткаға шекем) ушырасыў ҳуқықына ийе.

Бир жылда судланыўшы менен алты мәрте 2 саатлық ушырасыў ҳәм он еки мәрте телефон арқалы сөйлесиў де әмелдеги нызамшылықта белгиленген.

Бирақ жазаны өтеў мәкемесинде сақланып атырған қамақтағылардың қасына жақын туўысқанлары ҳәр дайым да келиў имканиятын таба алмаўы мүмкин. Келсе де ўақыт жоғалтыўы, қаржы жумсалыўы оларға қымбатқа түсиўи тәбийғый. Буннан тысқары, белгиленген ушырасыўларға барлық жақын туўысқанларын алып барыў имканияты жоқ.

Сол себепли, тараўға заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологиялары енгизилмекте.

2026-жыл 15-январьда күшке кирген “Өзбекстан Республикасының Жынаят-орынлаў кодексине жазаны өтеў мәкемелеринде жаза мүддетин өтеп атырған қамақтағылар ушын аралықтан видео-ушырасыўлар өткериў имканиятын жаратыўға қаратылған өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында”ғы нызам менен қамақтағылардың аралықтан видео-ушырасыў жолы менен онлайн ушырасыў имканияты жаратылды.

Бул жазаны өтеў мәкемелеринде жаза мүддетин өтеп атырған қамақтағылардың шаңарақ ағзалары ҳәм жақынлары менен турақлы байланысларын тәмийинлеў ҳәм шаңарақлық қатнасықларын сақлап қалыўда әҳмийетли орын ийелейди.

Соның менен бирге, қамақтағылар менен алып барылып атырған тәрбиялық жумыслардың нәтийжелилиги артады. Дүзелиў жолына өтиўге жәрдемлесиў, инсанға, жәмийетке, мийнетке, социаллық қағыйдалар ҳәм дәстүрлерге ҳүрмет пенен қатнаста болыўды қәлиплестиреди.

Нызам менен Жынаят-орынлаў кодексине қамақтағылардың ықтыярына бола, телефон арқалы сөйлесиў ҳуқықынан пайдаланыў менен бир қатарда аралықтан видео-ушырасыўларын шөлкемлестириўге қаратылған нормалар киргизилди. Соның ишинде аралықтан видео ушырасыўларға болған ҳуқық тийкарғы ҳуқықлар қатарына өткерилип, видео ушырасыўларды шөлкемлестириў тәртиби ҳәм олардың саны белгиленди.

Бунда, қамақтағылар өз қәлеўине бола телефон арқалы сөйлесиўден ямаса аралықтан ушырасыўдан пайдаланыўы мүмкин.

Атап өтиў керек, 2020-жыл 30-июньдеги “Өзбекстан Республикасының Жынаят-орынлаў кодексине қамақтағылардың ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплериниң исенимли қорғалыўын тәмийинлеўге қаратылған өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында”ғы нызамда қамақтағылардың өтинишине бола узақ мүддетли ушырасыў қысқа мүддетли ушырасыў болса аралықтан видео-ушырасыўға ямаса телефон арқалы сөйлесиўине алмастырылыўы мүмкин екени белгиленген.

Жаңа нызам менен болса аралықтан видео ушырасыўлар қосымша ҳуқық шеңберинен тийкарғы ҳуқық шеңберине өткерилетуғыны ҳәм олардың саны жазаны өтеў мәкемеси тәртибинен келип шығып телефон арқалы сөйлесиўлер санына теңлестирилди.

Жынаят-орынлаў кодексиниң айырым статьяларына да тийисли қосымшалар, атап айтқанда, “аралықтан видео ушырасыўлар” сөзи киргизилди.

Нызам жазаны өтеў мәкемелеринде жаза мүддетин өтеп атырған қамақтағылар менен алып барылып атырған тәрбиялық жумыслардың нәтийжелилигин арттырыўға, әсиресе, қамақтағылардың жақынларының мәплерине хызмет етеди. Соның менен бирге, инсан ҳуқықларының қорғалыўы тәмийинлениўи, мәмлекетимиздиң бул бағдардағы абырайының артыўына хызмет етеди.

Норгул Абдураимова, ӨзА