Студентлер судьялар менен ушырасты

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң юридика факультетинде студент-жаслардың ҳуқықый санасын ҳәм кәсиплик көнликпелерин арттырыў мақсетинде судьялар қатнасыўында ушырасыў шөлкемлестирилди.
Ушырасыўға Нөкис районлар аралық экономикалық судының баслығы Қ.Хожамуратов, судьялар Б.Баймуратов, Б.Бекмуратов ҳәм факультеттиң оқыў ислери бойынша декан орынбасары А.Рейимбаевлар қатнасты.
Судьялар өз баянатларында судьяның бийғәрезлиги, қалыслығы ҳәм ҳадаллығы әдил судлаўдың әҳмийетли принциплери екенин атап өтип, судья кәсибине қойылатуғын жоқары әдеп-икрамлылық ҳәм ҳуқықый талаплар ҳаққында айтып берди.
Илаж даўамында коррупцияға қарсы гүресиў, суд системасындағы реформалар ҳәм нызам үстинлигин тәмийинлеў мәселелери ҳәр тәреплеме додаланды. Атап айтқанда, соңғы жыллары мәмлекетимизде коррупцияға қарсы гүресиў бағдарында қабыл етилген нызамлар, Президентимиздиң пәрман ҳәм қарарлары, мәмлекетлик бағдарламалардың әҳмийети бойынша толық түсиниклер берилди. Атап өтилгениндей, “Коррупцияға қарсы гүресиў ҳаққында”ғы нызам және “Мәмлекетлик пуқаралық хызмети ҳаққында”ғы нызам мәмлекетлик уйымлардың жумысында ашық-айдынлық ҳәм есап бериўди тәмийинлеўдиң ҳуқықый тийкары болып хызмет етпекте.
Соның менен бирге, мәмлекетимиз Президентиниң 2025-жыл 26-декабрь күни Парламент ҳәм Өзбекстан халқына жоллаған Мүрәжатында коррупцияға қарсы гүресиў мәселесине айрықша итибар қаратылғаны атап өтилди. Мүрәжатта коррупция реформаларға қыянет екени, 2026-жылы бул иллетке қарсы гүресиў бойынша айрықша илажлар көрилиўи белгиленгенине тоқтап өтилди.
Соның ишинде, барлық мәмлекетлик уйым ҳәм шөлкемлерде комплаенс ҳәм коррупцияға қарсы ишки қадағалаў ушын жуўапкер басшының орынбасары лаўазымын енгизиў, бюджет қаржыларынан пайдаланыўда жеке жуўапкершиликти күшейтиў, ийелеп турған орны ҳәм лаўазымына қарамастан, нызам алдында ҳәммениң теңлиги принципин қатаң тәмийинлеў ўазыйпалары белгилеп берилгени атап өтилди. Коррупцияға қарсы гүресиўде ҳеш бир уйым ямаса лаўазымлы шахс қадағалаўдан шетте қалмайды, комплаенс хызметиниң жумысына тосқынлық етиў болса коррупцияға шериклик сыпатында баҳаланады. Бул қатнас жәмийетшиликте коррупцияға маўасасыз мүнәсибетти қәлиплестириў ҳәм нызам үстинлигин беккемлеўде айрықша әҳмийетке ийе.
Ушырасыў жуўмағында студент-жаслар тәрепинен берилген сораўларға судьялар жуўап берип, юрист кәсибиниң жуўапкершилиги, суд системасында жумыс алып барыў талаплары ҳәм кәсиплик ҳадаллықтың әҳмийети бойынша өз пикирлерин билдирди.



Әлбетте, өткерилген бундай ушырасыўлар жаслардың ҳуқықый санасын арттырыў, оларды коррупцияға қарсы маўасасыз руўхта тәрбиялаўға хызмет етеди.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы