Қурылыста баслы мақсет – халыққа қолайлы жасаў шараятын жаратыў

Қарақалпақстан Республикасы Қурылыс ҳәм турақ жай коммунал хожалығы министрлигинде баспасөз конференциясы болып өтти.
Баспасөз конференциясында министрликтиң бас қәнигеси Азат Оразбаев, Көп квартиралы жайларды басқарыў системасын раўажландырыў ҳәм реновация жойбарларын әмелге асырыў бөлиминиң баслығы Руслан Қалжанбаевлар тәрепинен 2025-жыл даўамында әмелге асырылған қурылыс жумыслары, пайдаланыўға тапсырылған ҳәм ҳәзирги ўақытта қурылысы даўам етип атырған объектлер, 2025-2026-жылғы гүзги-қысқы мәўсимде социаллық тараў объектлери, экономика тармақлары ҳәм көп қабатлы турақ жайлардың турақлы ислеўин тәмийинлеў бойынша әмелге асырылып атырған илажлар туўралы кең түрде мағлыўмат берилди.
Сондай-ақ, коммуналлық хожалық тараўында алып барылып атырған жумыслар, көп қабатлы турақ жайларға хызмет көрсетиўдиң сапасы, инфраструктураны жақсылаў, халыққа қолайлы ҳәм үзликсиз коммуналлық хызмет көрсетиўди тәмийинлеў бағдарындағы режелерге де ҳәр тәреплеме тоқтап өтилип, баянатлар даўамында инфографика ҳәм видеоматериаллар көрсетилип, тараў бойынша статистикалық мағлыўматлар ашық ҳәм түсиникли тәризде усынылды.
Атап өтилгениндей, 2025-2026-жылғы гүзги-қысқы мәўсимде социаллық тараў объектлери, экономика тармақлары ҳәм көп қабатлы турақ жайлардың турақлы ислеўин тәмийинлеў мәмлекетимиз ушын әҳмийетли ўазыйпалардан бири болды. Халыққа қолайлы жасаў шараятын жаратыў, энергия ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм бар инфраструктураны нәтийжели басқарыў мақсетинде бир қатар илажлар әмелге асырылмақта.
– Республикамызда жәми 1729 көп квартиралы турақ жай бар. Соннан, 1400 турақ жай 26 басқарыў шөлкеми ҳәм 26 турақ жай үш турақ жай ийелери шериклиги тәрепинен басқарылмақта, Ал, 79 турақ жай басқа мәкемелердиң балансында болса, 224 турақ жай өзин-өзи басқарыў усылын таңлаған, – дейди Р.Қалжанбаев.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының тийисли қарарлары менен 11 социаллық турақ жайдың ағымдағы оңланыўы, көп қабатлы турақ жайлардан 15 турақ жайда сыртқы көринисин жақсылаў ҳәм 252 турақ жайда ири ҳәм ағымдағы оңлаў жумыслары әмелге асырылды.
Республикамыз аймағындағы көп квартиралы турақ жайларды басқарыўда, заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларын енгизиў, көп квартиралы турақ жайларды сақлаў менен байланыслы болған қәрежетлер бойынша есап-санақ жумысларын жүргизиўде ашық-айдынлықты тәмийинлеў және халыққа және де қолайлы шараятлар жаратыў мақсетинде, биллинг системасы – “Mening uyim” электрон программасы енгизилген. Усы система арқалы көп квартиралы турақ жайлардың басқарыў уйымлары арқалы мәжбүрий төлемлери өндирилмекте.
Баспасөз конференциясы даўамында қатнасыўшылар турақ жайлардың жылытыў системасы, канализациясы, баҳасы, турақ жайларды қурыўда қолланылып атырған заманагөй технологиялар ҳәм басқа да мәселелер бойынша өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.




Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги