“Қарақалпақстан” посёлкасында профилактикалық ушырасыў болып өтти

Алдын хабар берилгениндей, бажыхана уйымларында ҳәр пийшемби күни ҳуқықбузарлықларға қарсы профилактикалық илажлар шөлкемлестириледи.
“Қарақалпақстан” темир жол шегара бажыхана посты хызметкерлери тәрепинен Қоңырат районындағы «Қарақалпақстан» АПЖ баслығы, профилактика инспекторы ҳәм аўыл турғынларының қатнасыўында “Коррупцияға қарсы гүресиў” атамасында гезектеги ушырасыў өткерилди.
Ушырасыўда пуқараларға бажыхана шегараларын кесип өтиўдиң тәртип-қағыйдалары, товарларды бажысыз алып кириў ҳәм алып шығыў нормалары түсиндирилип, нызамшылықта белгиленген тәртип-қағыйдаларға қатаң әмел етилиўи, қадаған етилген товарларды нызамсыз түрде алып өтиўге урынбаў керек екенлиги ескертилди. Сондай-ақ, коррупцияның алдын алыў ҳәм оған қарсы гүресиў системасын буннан былай да жетилистириў илажлары бойынша қабыл етилген пәрман, қарар ҳәм нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер ҳаққында мағлыўматлар берилди.

Пуқараларға бажыхана хызметкерлериниң лаўазым ўәкиллигинен материаллық ямаса материаллық емес мәп есесине пайдаланыў, дәмегөйлик жағдайларына дус келсе, Бажыхана комитетиниң 11-08 ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасының 61-224-90-86 исеним телефонына қоңыраў етиўи соралды.
Бул бағдардағы үгит-нәсиятлаў жумыслары жолаўшы поездларында бажыхана шегараларын кесип өтип атырған пуқараларға да түсиник бериў арқалы даўам етпекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги