Хатайда “Өзбекстан мәҳәллеси” ашылады

59

Президент сапары

“Өзбекстан – Түркия” парламентлераралық дослық топарының баслығы еки мәмлекет қатнасықларының динамикасына итибар қаратты.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Түркия Республикасы Президенти Режеп Таййип Эрдоғанның мирәт етиўине бола 29-январь күни рәсмий сапар менен усы мәмлекетте болады.

Түркияның белгили басылымы – “Сабаҳ” газетасында “Өзбекстан – Түркия” парламентлераралық дослық топарының баслығы Осман МЕСТЕНниң пикирлери келтирилген арнаўлы мақала басып шығарылды. Материалда мәмлекет басшылары қатнасатуғын Стратегиялық бирге ислесиў кеңесиниң төртинши мәжилиси өз-ара қатнасықларды раўажландырыўға хызмет ететуғыны атап өтилген. Экономика, инвестиция ҳәм билимлендириў тараўларында жаңа қәдемлер қойылыўына айрықша итибар қаратылған.

– Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев елимизге келмекте. Президент сапары тек ғана Түркия ҳәм Өзбекстан арасындағы еки тәреплеме қатнасық емес, ал тарийхый байланыслар менен тығыз байланысқан еки дос ҳәм туўысқан мәмлекеттиң регионаллық ҳәм глобаллық бирге ислесиўин де беккемлейди. Өзбекстан ата-бабаларымыз журты, бул әййемги жерде туўысқанларымыз бенен байланысларымыз бәрқулла раўажланған, – деди Осман Местен.

Анадолуга нур таратқан әўлийелер

Ата-бабаларымыз X әсирде Мәўереннаҳрды таслап, Анадолуға келип орналасқан болса да, бул әййемги жердеги досларымыз бенен қатнасықларымыз ҳеш қашан үзилмеген. Себеби, Мәўереннаҳр илимпазлары жүзлеген жыллар даўамында Анадолуға, қалаберди, пүткил дүняға ағартыўшылық таратқан. Коняға мәнис берген Мавлоно Жалаладдин Румий, Бурсаны нурландырған Әмир Султан Бухарий, Анқараны нурландырған Шайх Али Самарқандий ҳәм Стамбул медреселеринде илим нурын таратқан Әли Қушчи бул үлкеден Түркияға келген 2500 ден аслам илимпаз ҳәм әўлийелердиң тек ғана айырымлары.

Биз, түрклер бул терең ҳәм бай тарийхты өз тарийхымыз деп билемиз. Биз Өзбекстанның уллы илимпазларын пүткил түркий дүньяның улыўма қәдирияты деп қәдирлеймиз.

Дос басына ис түскенде билинеди

Өзбек туўысқанларымызда “дос басына ис түскенде билинеди” деген сөз бар. Бул бизиң “Дос кара гунде белли олур” деген нақылымыз бенен бирдей. Тарийх гүўасы, бул ҳикметлер ҳеш қашан әпиўайы сөз болып қалмаған, өзбек туўысқанларымыз ең қыйын ўақытларда биз бенен бирге болған, ҳеш қашан жәрдемин аямаған. “Әсир апатшылығы” деп тәрийипленген 2023-жыл 6-февральдағы жер силкиниўден соң ең көп зыян көрген аймақлардан бири – Хатайда мырза Шавкат Мирзиёевтиң көрсетпеси менен қурылған “Өзбекстан мәҳәллеси” ашылғанына бәршемиз гүўа боламыз.

Және бир тәрепи. Өзбек тилиндеги “Бирлескен озар, бирлеспеген тозар” мақалы да Анадолуда ушырасатуғынына гүман жок. Бул дана ҳикмет табысқа ерисиў ушын аўызбиршиликли болыўды аңлатады. Шавкат Мирзиёевтиң дәўиринде Өзбекстан – Түркия қатнасықлары беккемленди.

Бүгинги күнде еки тәреп те барлық имканиятлардан пайдаланған ҳалда бир-бирин кеңнен қоллап-қуўатламақта. Бул қатнасықлар Стратегиялық бирге ислесиў кеңесиниң төртинши мәжилиси менен және де раўажланады, деп исенемиз.

Туўысқан мәмлекет Өзбекстан менен саўда көлеми 3,1 миллиард долларға жетти, 5 миллиард долларлық саўда көлеми мақсетине ерисиў ушын ҳәрекетлер даўам етпекте. 2025-жылы Түркияның Өзбекстандағы инвесторлар дизиминде 2,6 миллиард доллар менен үшинши орынды ийелегени оғада қуўанышлы.

Өзбекстанда 2100 ге шамалас түрк компаниялары мәмлекет экономикасын, раўажланыўын ҳәм бәнтлигин қоллап-қуўатламақта. Режеп Таййип Эрдоған ҳәм Шавкат Мирзиёев сыяқлы басшылардың ерк-ықрары ҳәм күшли жәмийешиликтиң қоллап-қуўатлаўы менен бурын тек қыялымызда болған көплеген арзыў-нийетлер әмелге асатуғынына гүманым жоқ. Буның бәри бизиң улыўма қәдириятларымыз ҳәм дослық байланысларымыздың арқасында.

Жаңа идея – “Жаңа Өзбекстан”

Өзбекстанда болған ўақыттағы бақлаўларыма тийкарланып, бир нәрсени анық айта аламан: бүгинги Өзбекстан 10 жыл алдынғыдан пүткиллей өзгеше. “Жаңа Өзбекстан” идеясының тәсирин ҳәр жерде көриўиңиз мүмкин. Уллы ҳәм терең тарийхый тырнақлар үстинде раўажланып атырған мәмлекетке гүўа болмақтамыз.

Президент Шавкат Мирзиёевтиң 2025-жыл 26-декабрьде Парламент ҳәм Өзбекстан халқына Мүрәжаты Жаңа Өзбекстан процесиниң қаншелли турақлы ҳәм жедел раўажланып атырғанын көрсетиў менен бирге, 2026-жыл мәмлекет ушын бурылыс дәўири болатуғынын да көрсетпекте. “Өзбекстан – 2030” стратегиясында көрсетилгениндей, 2030-жылға барып 160 миллиард долларлық жалпы ишки өнимге ерисиў мақсетине 2026-жылдың өзинде ерисиў күтилмекте, жаңа мақсет етип болса 240 миллиард долларлық шеклер белгиленбекте. Булардың барлығы соңғы жыллардағы терең экономикалық реформалар ҳәм инвестициялар себепли мүмкин болмақта.

Жаңа Өзбекстан жаслардың қатнасыўында қурылмақта

Шавкат Мирзиёев Жаңа Өзбекстанды қурыўда жасларға сүенбекте. Санлар менен айтқанда, алдын тек ғана 27 процент болған балалар бақшалары ҳәм мектепке шекемги билимлендириў мәкемелериндеги қамтып алыў бүгинги күнде 78 проценттен асты. 2017-жылы 8 процент болған жоқары билимлендириўге қамтып алыў болса 50 процентке шамаласпақта. 2026-жылы Жаңа Өзбекстан билимлендириў бағдарында да жаңа басқышқа өтеди. Биз оған мәмлекет басшысының Түркияға сапары даўамында гүўасы боламыз. Сырт елде биринши өзбек мектебиниң қурылысы басланады.

Үшинши Ренессанс белгилери

Х ҳәм XII әсирлерде Биринши Ренессанс, XV әсирде болса Екинши Ренессансты өз ишине алған ҳәзирги Өзбекстанда Үшинши Ренессанстың белгилери жүзеге шықпақта. Бул көзқарас ҳәр бир тараўда терең ҳәм жедел түрде инновацияларды әмелге асырыў, технологиялар менен теңдей қәдем таслаў, пуқаралардың абаданлығын арттырыў ушын экономиканы раўажландырыўға ҳәм тарийхта болғанындай билим ҳәм пикирлеўге тийкарланған цивилизацияны қурыўға қаратылған.

Өзбекстан Ислам цивилизациясы орайы ашылады

2026-жылы Өзбекстанда күтилип атырған және бир оғада әҳмийетли ўақыя – Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен басланған жойбар – Өзбекстан Ислам цивилизациясы орайының ашылыўы күтилмекте. Бул саўлатлы орын дүньяда теңи-тайы жоқ, десек асыра айтқан болмаймыз. Бул имаратта мәмлекеттиң мың жыллық тарийхы, яғный тарийхымыз заманагөй технологиялар жәрдеминде сәўлелендириледи.

Дүньядағы ең ески Қураны кәрим нусқасы – Усман Мушафи орай гүмбези астындағы мәканда жайласады. Өткен жылы мырза Шавкат Мирзиёев былай деген еди: “Өзбекстан уллы тарийхқа ийе. Уллы ата-бабаларымыз тәрепинен жаратылған илимий ҳәм мәдений мийрас адамзат тарийхында өшпес из қалдырған. Бул орай менен танысқан ҳәр бир сырт елли мийман усындай уллы тарийх ҳәм мәдениятқа ийе болған өзбек халқына тәжим менен шығып кететуғынына исенемен”.

ӨзАның хабаршысы Беҳруз ХУДОЙБЕРДИЕВ таярлады.