86 мың жасқа халықаралық имтихан қәрежетлерин қаплап бериў режелестирилген

Шолыў
“Өзбекстан – 2030” стратегиясы жойбары дерлик бир ай даўамында кең жәмийетшиликтиң додалаўынан өткерилди. Бул стратегиялық ҳүжжетти жетилистириў бағдарында кеңнен үгит-нәсиятлаў жумыслары әмелге асырылды. 28-январь күнине шекем даўам еткен жәмийетшилик додалаўларында үш ярым мыңнан аслам усыныслар, пикирлер келип түскен.
“Өзбекстан – 2030” стратегиясының жаңа редакциядағы жойбарында барлық тармақлар қатарында жаслар сиясаты бағдарында да бир қатар мақсетли көрсеткишлер нәзерде тутылған.
Соның ишинде, халықаралық имтихан системалары бойынша жоқары балл (дәреже) топлаған 86 мың жасқа имтихан тапсырыў қәрежетлерин толық қаплап бериў режелестирилген. Сондай-ақ, шет тиллерин үйрениўди қоллап-қуўатлаўға қаратылған 2+6 бағдарламасы арқалы 100 мың жасты тартыў нәзерде тутылған.
Бизге белгили, “Ибрат фарзандлари” жойбары жаслардың тил үйрениўи ушын ең қолайлы онлайн платформаға айланып бармақта. Стратегияда бул жойбарды және де ғалаба ен жайдырыў ҳәм 3 миллион жастың шет тиллерин бийпул (онлайн) үйрениўин шөлкемлестириў мақсети белгиленген.
Сондай-ақ, 350 мың жастың интеллектуаллық потенциалын арттырыў, 400 мың жастың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм машқалаларын шешиўге ерисиў, IТ тараўында 300 мың жасты жумыс пенен тәмийинлеў жумыслары нәзерде тутылып атырғаны итибарға ылайық.
Жасларды китапқумарлыққа тартыў мақсетинде “Мутоала” бағдарламасы ислеп шығылып, бул онлайн платформаға китаплардың электрон, аудио форматлары жайластырылған. Енди бағдарламаны және де кеңнен ғалаба ен жайдырыў ҳәм 2030-жылға шекемги мүддетте 4,2 миллион жасты усы жойбарға қамтып алып, китапқумарлықты кеңейтиў мақсет етилген. Бул болса жаслар ушын электрон түрдеги китапқумарлық платформасын усыныў арқалы оларды китап оқыў менен бәнт етиўин тәмийинлеўге хызмет етеди.
Улыўма, бул стратегияда жаслар сиясатына байланыслы нәзерде тутылған мақсетли көрсеткишлер елимиз жасларын заман талабына мүнәсип, интеллектуаллық потенциалы жоқары кадр етип таярлаўға, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға, жумыс пенен бәнтлигине тийкар болады.
Муҳтарама Комилова,
ӨзА