Жәмийетлик транспортта банк карталарынан пайдаланыў 2,6 есеге артты

“Автоматластырылған транспорт төлем системасы операторы” АЖ баспасөз хызметиниң хабар бериўинше, 2025-жыл даўамында жәмийетлик транспортта әмелге асырылған төлем операцияларының саны сезилерли дәрежеде артты. Жыл жуўмағында улыўма транзакциялар көлеми 692 миллионды қурап, бул көрсеткиш 2024-жылға салыстырғанда 35,7 процентке жоқары болды.
Төлем усыллары кесиминде ең үлкен үлес банк карталарының үлесине туўра келди. Атап айтқанда, жәмийетлик транспортта банк карталары арқалы әмелге асырылған төлемлердиң саны 387,4 миллионға жетти. Бул өткен жылғы көрсеткиштен 165 процентке көп болып, халықтың нақ пулсыз төлем қуралларына болған исеними барған сайын артып атырғанын көрсетеди.
Соның менен бирге, транспорт карталары арқалы әмелге асырылған транзакциялар да турақлы өсиўди көрсетти. 2025-жылы усы усыл арқалы 213 миллион төлем әмелге асырылған болып, бул 2024-жылға салыстырғанда 52 процентке өсиўди қураған.
Инновациялық төлем хызметлери де жәмийетлик транспортта өз орнын таппақта. Атап айтқанда, өткен жылдан енгизилген FacePay (жүзди танып төлеў) хызмети арқалы 1 миллион 89,7 мың мәрте төлем әмелге асырылған. Сондай-ақ, PalmPay — алақан арқалы төлеў хызмети арқалы 112 мың транзакция дизимге алынды. Бул көрсеткишлер санлы технологиялардың жәмийетлик транспорт системасына басқышпа-басқыш енгизилип атырғанын тастыйықлайды.
Қәнигелердиң пикиринше, бул тенденция сақланып қалса, келешекте метрополитенде төлемлер толық нақ пульсыз түрге өтиў итималы жоқары. Усы жылы метро ушын QR-билетлер арқалы әмелге асырылған операциялар саны 22,6 миллионға тең болып, бул өткен жылға салыстырғанда 3,3 есеге азайыўы менен түсиндириледи. Бул болса QR-билетлердиң орнын банк карталары ҳәм биометрикалық төлем усыллары басып баратырғанын көрсетеди.
Ш.Маматуропова, ӨзА