Шет тили – имканиятлар гилти: абитуриентлер ушын жаңа жеңилликлер енгизилди

10

Бүгинги глобалласыў шараятында шет тиллерин билиў жаслар ушын кең имканиятлар есигин ашпақта. Билим алыў, кәсиплик раўажланыў ҳәм халықаралық майданда бәсекиге шыдамлы болыўда шет тили әҳмийетли орын ийелейди.

Сонлықтан елимизде билимлендириў системасында шет тиллерин үйрениўди қоллап-қуўатлаўға қаратылған жаңа жеңилликлер енгизилмекте.

Нызамшылыққа айырым өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди. Оған бола, пәнлер комплексинде шет тили 1-пән сыпатында белгиленген тәлим бағдарларына қабыллаў шет тилин билиў бойынша кеминде В1 дәрежедеги миллий ямаса халықаралық тән алынған сертификат тийкарында әмелге асырылады.

Сондай-ақ, пәнлер комплексинде шет тили пәни бар болған тәлим бағдарларына қабыллаў процесинде айрықша тәртип белгиленди.

Атап айтқанда, В1 дәрежедеги миллий ямаса халықаралық тән алынған сертификатқа ийе абитуриентлерге усы пәннен белгиленген максимал баллдың 75 проценти муғдарында балл бериледи. Буннан тысқары В2 ҳәм оннан жоқары дәрежедеги миллий ямаса халықаралық тән алынған сертификатқа ийе абитуриентлерге болса усы пәннен белгиленген максимал балл толық есапланады.

Бурын пәнлер комплексинде шет тили биринши пән сыпатында белгиленген тәлим бағдарларына қабыллаў ушын кеминде В2 дәрежедеги сертификат талап етилетуғын еди. Жаңа тәртип болса В1 дәрежедеги абитуриентлерге де қосымша имканият жаратып, жасларды шет тиллерин үйрениўге және де кеңнен тартыўға хызмет етеди.

Муҳайё Тошқораева, ӨзА