2026-жыл экспорт Өзбекстанның турақлы раўажланыў драйверине айланады

Кейинги жылларда елимиздиң сыртқы экономикалық жумысын раўажландырыў, сырт еллер менен саўда-экономикалық байланыслардың көлемин кеңейтиў, сондай-ақ, жоқары сапалы бәсекиге шыдамлы өнимлерди ислеп шығарыў тийкарында жәҳән базарларында беккем орын ийелеў арқалы экспорт потенциалын күшейтиўге қаратылған реформалар жеделлести. Нәтийжеде мәмлекетимиздиң экспорт көлеми 2024-жылдың жуўмағында 26,9 миллиард долларды қурап, 2017-жылдағы көрсеткишке салыстырғанда 13 миллиард долларға артты.
Мәмлекетимиздиң экспорт потенциалын арттырыў арқалы миллий экономиканы турақлы раўажландырыў, жаңа жумыс орынларын жаратыў ҳәм мәмлекеттиң халықаралық майдандағы абырайын беккемлеў мақсет етилген.
Президентимиздиң басшылығында 15-январь күни Сыртқы ислер министрлиги ҳәм сырт елдеги дипломатиялық ўәкилханалардың жумысы мәселелерине бағышланған видеоселектор мәжилисинде де экспорт ҳәм инвестиция көлемин арттырыў зәрүрлиги айрықша атап өтилди.
Атап өтилгениндей, еки ҳәм көп тәреплеме илажлар шеңберинде 2025-жыл улыўма баҳасы 160 миллиард долларлық инвестициялық жойбарлар ҳәм саўда шәртнамалары бойынша келисимлерге қол қойылған. Тарийхта биринши мәрте сыртқы саўда айланысы 80 миллиард доллардан артып, экспорт 33,5 миллиард долларға, сырт ел инвестициясы болса 43 миллиард долларға жеткен. Өткен жылы 75 мәмлекетке экспорт көлеми дерлик 4,5 миллиард долларға көбейген.

– Мәмлекетимиздиӊ экономикасын раўажландырыў ушын сыртқы саўда ҳәм экспорт потенциалын арттырыўға айрықша итибар қаратылмақта, – дейди Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлигиниң Сыртқы саўда департаменти, Экспорт бағдарламаларын қәлиплестириў ҳәм орынланыўын тәмийинлеў басқармасының баслығы Бекзод Арипов. – Министрлигимиз тәрепинен 2025-жыл экспорт көрсеткишин арттырыў, белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын толық тәмийинлеў мақсетинде бир қатар жумыслар әмелге асырылды. Соның ишинде, республика экспорты өткен жылы 23,9 миллиард долларды ямаса 2024-жылға салыстырғанда 122 процентти қурады.
Сондай-ақ, аймақлар экспорты көрсеткиши 14,8 миллиард доллар ямаса алдынғы жылға салыстырғанда 119 процентке шыққаны барлық ўәлаятлар экспортында жоқары өсиў пәти бақланғанын билдиреди. Экспорт қурамында таяр ҳәм ярым таяр өнимлер 18 процент ҳәм хызметлер экспорты 29 процентке өсти.
Бажыхана аймағында ҳәм сыртында қайта ислеў, бажы ҳәм салық жеңиллигин қолланыў арқалы белгили тәртип жетилистирилиўи нәтийжесинде өткен жылы 1,6 миллиард долларлық өним қосымша түрде жәҳән базарына шығарылды.
Итибарлы тәрепи, 2025-жылы 2 800 кәрхана экспорт жумысына тартылып, қосымша 2 миллиард доллар өзлестирилди. Ҳәзирги ўақытта жәми экспортшыларымыздың саны 8 700 ге жеткен.
Б.Ариповтың атап өтиўинше, республикалық штаб тәрепинен жыл даўамында экспортшы кәрханалардың жумысы үйренилип, 2 210 машқалалы мәселе анықланған. 1 972 машқала шешилген, 238 мәселе бойынша әмелий жумыс даўам еттирилмекте.
Жергиликли кәрханаларды экспорт жумысына тартыў мақсетинде “IMGR” халықаралық консалтинг компаниясы ашық усылда таңлап алынып, “Экспорт акселератор” бағдарламасы иске қосылды. Бул баслама шеңберинде 100 жергиликли кәрхана сораўнама тийкарында таңлап алынып, экспортты әмелий қоллап-қуўатлаў системасы бар қураллар арқалы сырт елли шериклер менен шәртнамаға қол қойылды.
Саўданы диверсификациялаў ҳәм брендлерди тартыў бағдарында 2025-жыл 12-15-май күнлери Қытайдың Синдао ҳәм Ханжоу қалаларында “Alibaba Group” корпорациясы менен биргеликте 100 жергиликли кәрхананың қатнасыўында “Alibaba Online Export Accelerator-Uzbekistan” биргеликтеги электрон коммерция акселерация бағдарламасы иске қосылды. Сондай-ақ, Россияның “Ozon” маркетплейи ҳәм “Wildberries” компаниясы каталогында “Made in Uzbekistan” бөлими иске қосылып, 1 700 ге шамалас жергиликли өним жайластырылды. Миллий брендлерди сырт елде үгит-нәсиятлаў мақсетинде 17 миллий брендимиз абырайлы халықаралық баспа басылымлар ҳәм бизнес-каталогларға киргизилди.
Россияға өним сатыўды жеделлестириў мақсетинде 2 мәрте 10 ға шамалас бизнес-миссия шөлкемлестирилип, “Восток дистрибуция”, “Руслимас” ҳәм “Бристол” компаниялары менен экспорт келисимине ерисилди. Аўғанстанның Мозори-Шариф қаласында жайласқан “Aria Business Center” саўда орайынан 1200 кв.м. майдан ижараға алынып, “Uzelectronics” мультибренд саўда орайы шөлкемлестирилди. Усы тәризде 23 жергиликли бренд Аўғанстан базарына кирип барды.
– Аўғанстан, Тәжикстан, Әзербайжан, Қазақстан, Пакистан ҳәм Қырғызстанда саўда үйлери, шоурум ҳәм саўда қоймаханалары шөлкемлестирилип, 50 ден аслам түрдеги жоқары қосымша қунлы, экспортқа жарамлы қурылыс материалларымыз үлгилери жайластырылды, – деп сөзин даўам еттиреди Б.Арипов. – Миллий брендлерди сырт ел базарларына алып шығыў мақсетинде Москвадағы “Садовод” базарында орайласқан 38 саўда орны ижараға алынып, жергиликли тоқымашылық ҳәм аяқ кийим брендлери жайластырылды. Нәтийжеде 55 миллион долларлық өним экспортқа бағдарланды.
Бир сөз бенен айтқанда, сыртқы саўданы раўажландырыўға қаратылған реформалар себебинен нәтийжелер салмақлы көриниске ийе болмақта. Әлбетте, келешектеги ўазыйпалар да анық белгиленген. Соның ишинде, 2026-жыл экспорт көлемин 16 процентке арттырыў мақсет етилген. Соның ишинде, таяр ҳәм ярым таяр өним көлемин 55 процент, хызмет көрсетиўди 35 процентке арттырыў бойынша әмелий жумыс алып барылмақта. Сыртқы базарларда миллий өнимлеримизге болған талапты үйрениў, дәстүрий базарларды диверсификациялаў, жаңа базарларды ийелеў ушын быйылғы мәўсим Америка, Европа, Қубла-Шығыс Азия, Жақын Шығыс ҳәм Африкаға және де терең кирип барыў имканиятлары жаратылмақта.
Дүнья көлеминдеги 85 халықаралық көргизбе ҳәм ярмаркаларда жергиликли исбилерменлеримиздиң белсендилигин, атап айтқанда, Австралия, Финляндия, Португалия, Греция сыяқлы 15 мәмлекетте биринши мәрте қатнасыўын тәмийинлеў режеси ислеп шығылған.
Исбилерменлеримиздиң электрон саўда бағдарындағы билим ҳәм көнликпесин арттырыў, “Amazon.ae”, “Noon”, “Namshi”, “Jumia”, “Takealot” сыяқлы маркетплейслерде өнимлеримиздиң электрон саўдасын жолға қойыў мақсетинде аймақларда оқыў семинарлары шөлкемлестирилмекте.
Жуўмақ сонда, 2025-жыл Өзбекстан экспорты санлардан тысқары нәтийжелилик ҳәм потенциалды көрсетти. Бул процесс аймақларды бирлестиреди, жумыс орынларын жаратты, системаға халықаралық стандартларды енгизеди ҳәм жаңа базарлар ашты. Усы жылы болса експорт сиясаты мәмлекетимиз ушын турақлы раўажланыўдың тийкарғы драйверине айланыўы күтилмекте.
Г. Сатторова,
ӨзАныӊ хабаршысы