Халықаралық пән олимпиадаларында студент-жасларымыз табысқа еристи

Бухара мәмлекетлик университетинде математика пәнинен BIMO-2026 ҳәм химия пәнинен BICHO-2026 халықаралық пән олимпиадалары болып өтти.
Оған елимизде жайласқан 50 жоқары оқыў орны, сондай-ақ, 10 нан аслам сырт мәмлекетлерден улыўма 500 ден аслам жаслар қатнасты.
Халықаралық пән олимпиадалары студентлердиң усы пәнлер бойынша билим ҳәм потенциалын көрсетиўи ушын әҳмийетли майдан есапланып, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң Математика факультети деканы Ж.Сейпуллаев ҳәм Химия-технология факультети деканы М.Айымбетовлар басшылығында қәбилетли студент-жаслар өз билимлерин сынақтан өткерди ҳәм жоқары нәтийжелерге еристи. Атап айтқанда, химия пәнинен өткерилген олимпиадада 1-курс магистранты Махмуджан Нурыллаев 2-орынды ийелеп, гүмис медаль, 4-курс студенти Нозима Ёдгарова сыйлы 3-орынды ийелеп, қола медалы менен сыйлықланды. Ал, математика бойынша Индира Сатниязова, Дамир Дилмуратов ҳәм Сункат Максатов ең жоқары нәтийже менен алтын медальларды қолға киргизген болса, Дәўранбек Қурбанбаев сыйлы 3-орынды ийеледи ҳәм қола медалы менен сыйлықланды.
Әлбетте, бундай жетискенликлер тек ғана университеттиң абырайын жоқарылатыў емес, ал жасларымыздың интеллектуаллық потенциалы ҳәм илимге болған қызығыўшылығын және де беккемлеўге хызмет етти.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы