Артықша дәбдебе ҳәм ысырапкершилик – халқымыздың дәстүри емес

42

Ҳәзирги ўақытта Өзбекстан Республикасы Президентиниң Олий Мажлиске ҳәм Өзбекстан халқына жоллаған Мүрәжатын және “Өзбекстан-2030” стратегиясында белгилеп берилген әҳмийетли ўазыйпалардың мазмун-мәнисин халыққа, әсиресе, жаслардың санасына сиңдириў, сондай-ақ, той ҳәм мәресимлерде артықша ысырапгершилик жағдайларының алдын алыў мақсетинде Шымбай районында да кең көлемли үгит-нәсиятлаў илажлары әмелге асырылмақта.

Шымбай районы ҳәкиминиң орынбасары, Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық Кеңеси баслығының орынбасары А.Утемисов тәрепинен жумыс режесине муўапық, райондағы Гүжимли, Абат мәкан ҳәм Дослық мәкан пуқаралар жыйынларындағы 43, 37 ҳәм 36-санлы улыўма билим бериў мектеплеринде халықтың ҳәм оқыўшы-жаслардың қатнасыўында кең көлемли руўхый-ағартыўшылық илажлары өткерилди.

Илажларға Шымбай районы ҳәкиминиң орынбасары, Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлиминиң баслығы Г.Мамбетниязова, “Нураний” қоры районлық бөлиминиң баслығы Ө.Толыбеков, Республикалық Руўхый-ағартыўшылық орайы районлық бөлиминиң баслығы Қ.Мамбеткаримов, Дин ислери бойынша комитеттиң районлық бас қәнигеси М.Бердимуратов ҳәм Шымбай районы “Хан” мешитиниң имам-хатиби И.Қазақбаевлар қатнасты.

Илаж даўамында шығып сөйлеген жуўапкерлер Өзбекстан Республикасы Президентиниң Мүрәжатында белгиленген социаллық-экономикалық реформалар, руўхый-ағартыўшылық тараўдағы тийкарғы ўазыйпалар ҳәм олардың жәмийетлик турмыста тутқан орны ҳаққында ҳәр тәреплеме мағлыўмат берди. Атап айтқанда, жәмийетте саламат турмыс тәризин қәлиплестириў, шаңарақ институтын беккемлеў, жаслар тәрбиясында үнемлилик, әпиўайылық ҳәм жуўапкершилик сыяқлы әҳмийетли түсиниклерди қәлиплестириў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Сондай-ақ, “Ықшамлық” жойбары шеңберинде айырым той ҳәм мәресимлерде ушырасып атырған артықша дәбдебе, ысырапгершилик ҳәм тийкарсыз қәрежетлердиң социаллық ҳәм экономикалық унамсыз ақыбетлери ҳаққында кең түрде түсиниклер берилди. Бундай жағдайлар халқымыздың әзелий миллий қәдириятлары, үрп-әдетлери ҳәм руўхый өлшемлерине пүткиллей қайшы келетуғыны, мәресимлерди ықшам, тәртипли ҳәм норма шеңберинде өткериў жәмийеттиң турақлылығы ҳәм шаңарақлардың абаданлығы ушын үлкен әҳмийетке ийе екени атап өтилди.

Илаж даўамында бүгинги күнде айырым той-мәресимлерде артықша дәбдебе ҳәм ысырапкершиликке жол қойылып атырғанлығы, бундай жағдайлар халқымыздың миллий қәдириятларына сәйкес келмейтуғынлығы атап өтилди.

Қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги