Қайсы категориядағы студентлердиң жатақхана қәрежетлери Мәмлекетлик бюджеттен қаплап бериледи?

62

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң қарары (28.01.2026 ж. 32-сан) менен айырым категориядағы студентлердиң мәмлекетлик жоқары билимлендириў шөлкемлери студентлер турақ жайларында (СТЖ) жасаў қәрежетлерин Мәмлекетлик бюджет есабынан қаплап бериў тәртиби тастыйықланды.

Бул жеңилликтен “Социаллық реестр”ге киргизилген шаңарақлардың күндизги тәлим формасында билим алып атырған перзентлери пайдаланыўы мүмкин. Төлемлер студент грант ямаса контракт тийкарында оқыўына қарамастан әмелге асырылады.

Қарарға бола, студентлер СТЖға үстинлик тийкарында, гезексиз қабыл етиледи. Егер мәмлекетлик жатақхана болмаса, студентлер мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында қурылған турақ жайларға орналастырылыўы мүмкин. Төлемлер ҳәр айдың 15-сәнесине шекем студенттиң банк пластик картасына өткерип бериледи.

Қарақалпақстан хабар агентлиги