Өзбекстан АҚШта туризм потенциалын кеңнен көрсетти

Өзбекстан Америка базарында мәмлекеттиң бай туризм потенциалын үгит-нәсиятлаў мақсетинде “Өзбекстан – Жипек жолы дүрданасы” сүрени астында бир қатар road-shou илажларын өткерди. Бул презентациялар АҚШтың ири мегаполислери – Нью-Йорк ҳәм Чикаго қалаларында шөлкемлестирилди.
Road-shоuдың биринши басқышы 2026-жыл 24-январь күни Нью-Йорк қаласында АҚШтағы ең абырайлы туристлик көргизбелерден бири есапланған “Travel & Adventure Show-2026” шеңберинде болып өтти.

Илаж қатнасыўшыларына Өзбекстанның әййемги тарийхы, бай мәдений мийрасы, түрли туризм бағдарлары және мәмлекеттиң тәкирарланбас тәбийғый ҳәм архитектуралық естеликлери ҳаққында толық мағлыўмат берилди.

Презентация компаниясының екинши басқышы 2026-жыл 27-январь күни Чикаго қаласында өткерилди. Онда туризм тараўының қәнигелери, туроператорлар ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери Өзбекстанның тарийхый-мәдений байлықлары, сийрек ушырасатуғын туристлик маршрутлары ҳәм заманагөй туризм инфраструктурасы менен жақыннан танысты.

Атап өтилиўинше, АҚШтың жетекши қалаларында өткерилген бул road-shou илажлары Өзбекстанды Уллы Жипек жолындағы әҳмийетли туристлик орайлардан бири сыпатында халықаралық көлемде үгит-нәсиятлаўға хызмет етеди. Сондай-ақ, илажлар сырт елли бирге ислесиўшилер ҳәм туристлер арасында мәмлекетке болған қызығыўшылықты және де арттырыўда үлкен әҳмийетке ийе болмақта.
Муҳайё Тошқораева, ӨзА