Өзбекстан ҳәм Түркия арасында жоқары билимлендириў тараўындағы бирге ислесиў және де беккемленбекте

Раўажланыўдың бирден-бир ҳәм өзгермейтуғын қағыйдасы тынымсыз мийнет ҳәм тәжирийбеден ибарат. Барлық тараўлар қатарында елимиздиң жоқары билимлендириў системасы да әне усындай жолды басып өтпекте. Халықаралық бирге ислесиўлер арқалы альтернатив система жаратыўды гөзлеген тараў ўәкиллери мақсетке алға умтылмақта. Қуўанышлы тәрепи сонда, тили, мәденияты бизге жақын болған миллетлер менен де байланыслар дослық түрге енбекте.
Атап айтқанда, Өзбекстан ҳәм Түркия арасында жоқары билимлендириў тараўындағы бирге ислесиўди және де беккемлеў мақсетинде Анкара қаласында Өзбекстан Республикасы жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министри Қоңыратбай Шарипов ҳәм Түркия Республикасы Жоқары билимлендириў кеңесиниң баслығы Эрол Ўзвар ушырасыў өткерди.

Ушырасыўда тәреплер Өзбекстан – Түркия қатнасықлары кейинги жыллары кең көлемли стратегиялық шериклик дәрежесине көтерилгенин, соның ишинде, жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар тараўларындағы бирге ислесиў избе-из раўажланып атырғанын айрықша атап өтти.
Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Түркия Республикасы Президенти Режеп Таййип Эрдоғанның мирәт етиўине бола Түркия Республикасына әмелге асыратуғын рәсмий сапары еки тәреплеме бирге ислесиўди, соның ишинде, жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар тараўларындағы байланысларды жаңа басқышқа алып шығыўда үлкен әҳмийетке ийе екени айрықша атап өтилди.
Әлбетте, билимлендириў системасын раўажландырыўды жаңа басқышқа көтериў бойынша мәмлекетимиз басшысы алға қойып атырған басламалар бундай бирге ислесиўлерде өз көринисин табады.
Шербек Исломов, ӨзА