Nipah ҳәм COVID-19 арасында байланыс бар ма?

Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң қәнигелери “Nipah” ҳәм COVID-19 вирусын салыстырмалы үйренип, төмендеги жуўмаққа келди: “Nipah” вирусы жаңа COVID-19 емес. Бул илимпазларға белгили.
Январь айының орталарында Ҳиндстанның шығысындағы Батыс Бенгалия штаты рәсмийлери еки медицина хызметкери “Nipah” вирусын жуқтырғаны ҳаққында хабар берген еди. Ҳәзирги ўақытта өзлери жумыс ислейтуғын Барасат емлеўханасында емленип атырған бул наўқаслар вентильяцияға жалғанған изоляция бөлимине жатқарылған.
Батыс ғалаба хабар қураллары кеселлениў жағдайының көбейгени ҳаққындағы гәп-сөзлерге қарамастан, Ҳиндстан ҳүкимети жаңа вирус шыққанын еле тастыйықламады.
ЖДСШ болса “Бул соңғы жигирма жыл ишинде Қубла ҳәм Қубла-Шығыс Азияда спорадикалық эпидемияға себеп болған белгили зооноз вирус”, деп қосымша еткен. Дүзилме епидемиологиялық қадағалаў, қәўипти баҳалаў ҳәм жуўап илажларын қоллап-қуўатлаў мақсетинде мәмлекеттиң денсаўлықты сақлаў уйымлары менен тығыз бирге ислесиўди даўам еттирмекте.
Шөлкем экспертлериниң баҳалаўына бола, “Nipah” дүньядағы “ең қәўипли вирус” екен. Бул кеселликти емлеў ямаса бул вирусқа қарсы шаншыўдың илажы жоқ. “Nipah” температура ҳәм энцефалопатияға себеп болады. Яғный, мий клеткаларын зыянлап, 40-75 процент жағдайда өлимге алып келеди.
Бул вирус жанзатлар, көбинесе тышқан арқалы тарқалады, әдетте аўырған ҳайўанның силекейи арқалы жуғады. Үй ҳайўанларына да өтиўи мүмкин.
“Nipah” ҳаўаға дерлик тарқалмайды. Демек, ҳаўа арқалы емес, ал тек ғана инфекцияланған инсан денесиндеги суйықлық арқалы жуғады.
Г.Сатторова, ӨзА