Россия – Украина келиспеўшилигин сапластырыўға қаратылған шәртнама: нәтийже қандай?

Украина-Россия келиспеўшилигин сапластырыўға қаратылған сөйлесиў жуўмағында тиккелей еки тәреплеме шәртнама емес, ал еки мәмлекеттиң АҚШ пенен өз алдына келисимине қол қойылыўы режелестирилмекте. Бул ҳаққында Украина сыртқы ислер министри Андрей Cибига “Европейская правда” басылымына берген интервьюинде мәлим етти.
Оның сөзлерине бола, ҳәзир додаланып атырған 20 бәнттен ибарат тийкарғы ҳүжжет Украина-АҚШ ҳәм АҚШ-Россия форматында тастыйықланады. Киев-Москва тиккелей келисиминиң мәселеси күн тәртибинде жоқ.
Европа процесстен шетте қалмайды
Украина СИМ басшысының атап өтиўинше, Европа мәмлекетлери бул ҳүжжетлерге қол қоймаған болса да, қәўипсизлик кепиллиги бойынша сөйлесиўде қатнаспақта. Ҳәзирги ўақытта биринши мәрте рәсмий түрде “Қәўипсизлик кепиллиги” атамасы қолланылып атыр. Бул сиясий жақтан әҳмийетли өзгерис есапланады. Сибига АҚШ әскерлери Украина аймағына тынышлық сақлаўшы күш сыпатында жайластырылмайтуғынын да қосымша еткен.
Ең қыйын мәселе – аймақлар ҳәм Запорожье АЭС
Сөйлесиў ўақтында шешилмеген еки тийкарғы мәселе бар: аймақлардың тәғдири ҳәм Запорожье атом электр станциясының статусы. Украина СИМ басшысының айтыўынша, бул машқаланы шешиў ушын Украина Президенти Владимир Зеленский Россия Президенти Владимир Путин менен жеке ушырасыўға таяр.
АҚШ кепилликти Донбасс пенен байланыстырмақта
“Financial Times” басылымының жазыўынша, АҚШ ҳәкимшилиги Киевке қәўипсизлик кепиллиги Украина Донбасстың бир бөлегин Россия қадағалаўына өткериўге разы болыўына байланыслы екенин ашық айтқан. Айырым дереклер Бул келисимниң есабынан Америка тәрепинен Киевке қосымша әскерий жәрдем де усыныс етилген. Киев расмийлери болса айни масалага очиқ изоҳ беришдан тийилди. Айрым украиналы ҳәмелдарлардың пикиринше, АҚШ кепиллик арқалы Киевти қыйын сиясий келисимге шақырыўға ҳәрекет етпекте.
Вашингтон ушын соңғы мүддет – 15-май
Жоқарғы Рада депутаты Алексей Гончаренко урысты тоқтатыў бойынша келисимге 15-майға шекем қол қойылыўы күтилип атырғанына итибар қаратқан. Яғный, бул сәне Вашингтон ушын рәсмий емес шегара есапланады. Егер усы мүддетке шекем нәтийже болмаса, АҚШ сөйлесиўлерден шығып кетиўи де мүмкин екен. Сөйлесиўлер даўам етеди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги