Өзбекстан ҳуқықый системасында ҒМДА мәмлекетлери суд қарарларын тән алыў ҳәм орынлаў механизми

Халықаралық экономикалық байланыслар ҳәм трансшегаралық исбилерменлик жумысының жедел раўажланыўы шараятында сырт мәмлекетлердиң суд қарарларын тән алыў ҳәм орынлаўдың нәтийжели механизми айрықша әҳмийетке ийе болмақта. Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамына ағза мәмлекетлер ушын бундай механизм судлар бирге ислесиўиниң әпиўайыластырылған ҳәм тезлестирилген тәртибин тәмийинлейтуғын арнаўлы халықаралық шәртнамалар тийкарында қәлиплестирилген.
Өзбекстан Республикасы 1993-жылғы Минск конвенциясы ҳәм 2002-жылғы Кишинев конвенциясының қатнасыўшысы сыпатында суд қарарларын тән алыў ҳәм орынлаўдың айрықша шәртнамалық-ҳуқықый тәртибин қолланады, бул тәртип басқа сырт мәмлекетлер менен қатнасықларда әмел ететуғын улыўма тәртиптен өзгешеленеди. Бул режим ҒМДА шеңберинде ҳуқықый интеграцияны беккемлеў ҳәм қатнасыўшы мәмлекетлердиң суд-ҳуқық системасы арасында өз-ара исеним мәканын қәлиплестириўге қаратылған.
Суд қорғаўына, соның ишинде, сырт ел пуқараларының ҳуқықларын қорғаўға болған ҳуқық Өзбекстан Республикасының Конституциясы ҳәм халықаралық ҳуқықтың улыўма тән алынған принциплери менен кепилленеди. Өзбекстан Республикасы Конституциясының 15-статьясына муўапық, халықаралық шәртнамалар мәмлекеттиң ҳуқықый системасының қурамлық бөлеги есапланады ҳәм олар миллий нызамшылық нормаларына қайшы келгенде тийкарғы түрде қолланылыўы керек.
Суд қарарларын тән алыў ҳәм орынлаў тараўында 1992-жылы Киевте қол қойылған Хожалық жумысын әмелге асырыў менен байланыслы келиспеўшиликлерди шешиў тәртиби ҳаққындағы келисим, 1993-жылы қабыл етилген Минск конвенциясы, 2002-жылы қабыл етилген Пуқаралық, шаңарақлық ҳәм жынаят ислери бойынша ҳуқықый жәрдем ҳәм ҳуқықый қатнасықлар ҳаққындағы Кишинев конвенциясы ҒМДА мәмлекетлери ушын тийкарғы халықаралық ҳүжжетлер болып есапланады. Атап өтилген халықаралық шәртнамалар ҒМДА мәмлекетлериниң сырт ел пуқаралары қатнасыўындағы ислерди көрип шығыўда Өзбекстан Республикасы экономикалық судлары тәрепинен қолланылатуғын арнаўлы ҳуқықый режимди қәлиплестиреди.
1993-жыл 22-январьдағы Минск конвенциясы ҒМДА мәмлекетлери арасындағы ҳуқықый қатнасықларды әпиўайыластырыўға қаратылған биринши комплексли көп тәреплеме шәртнама болды. Ол пуқаралық ҳәм шаңарақ ислери бойынша ҳуқықый жәрдем көрсетиў, рәсмий ҳүжжетлерди тән алыў, суд қарарларын орынлаў мәселелерин тәртипке салады.
Конвенцияның тийкарғы қағыйдаларынан бири суд қарарларын мазмуны бойынша қайта көрип шығыў зәрүрлигисиз өз-ара тән алыў принципи болып табылады. Өзбекстан Республикасының экономикалық судлары Минск конвенциясының нормаларына тийкарланып қатнасыўшы мәмлекетлер судларының қарарларын, олар нызамлы күшке кирген жағдайда тән алады ҳәм орынлаўға қаратады.
Минск конвенциясының әҳмийетли өзгешеликлери ҳүжжетлерди консуллық нызамластырыў талабының жоқ екенлиги, қатнасыўшы-мәмлекетлердиң ўәкилликли уйымлары тәрепинен берилген рәсмий ҳүжжетлерди тийисли аўдармасы болған жағдайда тән алыў, сондай-ақ, суд қарарларын тән алыў ҳәм орынлаўдан бас тартыў ушын тийкарлардың шекленген ҳәм толық дизими болып табылады.
Конвенцияның 55-статьясында нәзерде тутылған бийкарлаў ушын тийкарларға, атап айтқанда, қарардың нызамлы күшке кирмегенлиги, ғалаба тәртип принциплериниң бузылыўы ямаса суд ўәкиллиги қағыйдаларына әмел етпеў киреди.
2002-жылғы Кишинёв конвенциясы Минск конвенциясы қағыйдаларының раўажланыўы ҳәм модернизациясы болды. Өзбекстан Республикасы 2019-жылы оған қосылды, бул ҳуқықый жәрдем көрсетиў ҳәм суд қарарларын тән алыў механизмин сезилерли дәрежеде жетилистириў имканиятын берди.
Минск конвенциясынан парықлы түрде, Кишинёв конвенциясы экономикалық келиспеўшиликлерге тиккелей енгизиледи, судлар ҳәм қатнасыўшы мәмлекетлердиң басқа да ўәкилликли уйымларының орайлық уйымлардың мәжбүрий дәлдалшылығысыз (посредничество) тиккелей бирге ислесиўине жол қояды, сондай-ақ, ҳуқықый жәрдем түрлериниң дизимин, соның ишинде, экспертизалар өткериў ҳәм процессуал ҳәрекетлерди әмелге асырыўды кеңейтеди.
Кишинев конвенциясының қолланылыўы суд қарарларын тән алыў ҳәм орынлаў ҳаққындағы илтимаснамаларды көрип шығыў мүддетлерин қысқартыўға хызмет етеди, бул исбилерменлик субъектлери ушын айрықша әҳмийетке ийе. Конвенцияның 59-статьясына муўапық, суд қарарын тән алыў ҳәм орынлаўдан бас тартыўға тек ғана Конвенцияда тиккелей белгиленген тийкарлар бойынша жол қойылады, бул болса еркин түсиниўди бийкарлайды ҳәм ҳуқықый анықлықты күшейтеди.
Өзбекстан Республикасы экономикалық судларының әмелияты көп тәреплеме Жоқары суд Пленумының “Судлар тәрепинен шет ел пуқаралары қатнасыўындағы ислерди көриўде нызам ҳүжжетлерин қолланыўдың айырым мәселелери ҳаққында”ғы қарары менен системаластырылды. Онда айтылыўынша, ҒМДА мәмлекетлериниң сырт ел пуқаралары қатнасыўындағы жумысларды көрип шығыўда Киев келисимине, тийисли тәртипке салынбаған жағдайда болса, Кишинёв ҳәм Минск конвенцияларының қағыйдаларына әҳмийет бериледи.
Бундай қатнас халықаралық шәртнамалар иерархиясын беккемлейди ҳәм суд әмелиятының бирдейлигин тәмийинлейди. Экономикалық суд шет ел судының қарарын мазмуны бойынша қайта көрип шығыўға ҳақылы емеслиги, оны тән алыў ҳәм орынлаўдан бас тартыў тийкарларының дизими толық екенлиги, орынлаў ҳүжжети болса қарар нызамлы күшке кирген күннен баслап үш жыл даўамында мәжбүрий орынлаўға қойылыўы мүмкин екенлиги айрықша атап өтилген.
Солай етип, Өзбекстан Республикасының суд әмелияты ҒМДА шеңберинде өз-ара исеним ҳәм шәртнамалық интеграция принциплерине избе-из бағдарланғанлығын көрсетеди.
Минск ҳәм Кишинёв конвенциялары ҒМДАға ағза мәмлекетлер арасында суд қарарларын тән алыў ҳәм орынлаўдың нәтийжели механизмин қәлиплестириўде әҳмийетли роль атқарады. Олардың Өзбекстан Республикасында қолланылыўы трансшегаралық әдил судлаўдың әпиўайыластырылған, анық ҳәм әдил тәртибин тәмийинлейди. ҒМДА шәртнамалық-ҳуқықый базасының избе-из раўажланып атырғаны ҳәм оның Өзбекстан экономикалық судлары тәрепинен әмелде қолланылып атырғаны суд системасы арасындағы исенимди беккемлеў, исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықларын қорғаў ҳәм қолайлы инвестициялық орталықты қәлиплестириўге хызмет етпекте. Усы мәнисте Минск ҳәм Кишинёв конвенциялары ҳақылы түрде ҒМДА мәмлекетлериниң ҳуқықый исеним мәканының тийкары сыпатында қаралмақта.
Зулфия Ҳасанова,
Нөкис районлар аралық экономикалық судының судьясы.
Қарақалпақстан хабар агентлиги