Суд реформалары ҳәм санлы әдиллик: студентлер ушын әмелий түсиник

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң юридика факультети профессор-оқытыўшылары ҳәм студентлери менен судьялар қатнасыўында ушырасыў өткерилди.
Илажда суд системасын санластырыў, коррупцияға қарсы гүресиў ҳәм Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Пленумы қарарларының әҳмийети жасларға түсиндирилди.
Ушырасыўда Қарақалпақстан Республикасы Ҳәкимшилик судының судьясы А.Иматов суд системасында коррупцияның алдын алыў, мәмлекетлик хызметлерди санластырыў ҳәм жасалма интеллект технологияларын енгизиў бойынша әмелге асырылып атырған реформалар ҳаққында мағлыўмат берди. Атап өтилгениндей, суд процесслериниң электронласыўы ашық-айдынлықты арттырып, инсан факторын азайтыўға хызмет етеди.
Сондай-ақ, өткерилген илажда Нөкис районлараралық ҳәкимшилик судының судьясы Қ.Бабаназаров 2025-жыл 24-ноябрьде қабыл етилген Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Пленумының 23-санлы қарарының әҳмийети бойынша кең түсиник берип, бул қарардың суд әмелиятындағы бирден-бир қатнасты тәмийинлеўге қаратылғанын атап өтти. Соның менен бирге, судьялар өз баянатларында суд жумысларын санластырыў арқалы пуқаралардың судларға мүрәжат етиўин әпиўайыластыратуғынын, аралықтан қатнасыў, электрон арза бериў ҳәм суд ҳүжжетлерин онлайн алыў имканиятларын және де кеңейтетуғынын атап өтти. Бул өз гезегинде әдил судлаўға ерисиў дәрежесин арттырыўға хызмет етеди.
Илаж соңында студентлер өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алып, суд системасында әмелге асырылып атырған реформалар бойынша өз-ара пикирлести.




Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы