Нызам алдында ҳәмме тең

28

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң 2025-жыл 26-декабрь күни усынылған Олий Мажлис ҳәм Өзбекстан халқына Мүрәжатында “Коррупция – мәмлекет раўажланыўына тосқынлық ететуғын, әдиллик ҳәм нызам үстинлигин изден шығаратуғын, жәмийетте исеним орталығын ҳәлсирететуғын ең аўыр қәўип екенлиги, Коррупцияға жол қойыў болса реформаларымызға қыянет болып табылады”-деп Президентимиз бул иллетке қарсы гүресиў бойынша 2026-жылы “айрықша жағдай” жәриялады.

Барлық уйымларда комплаенс ҳәм коррупцияға қарсы ишки қадағалаўға жуўапкер орынбасар лаўазымы енгизилди. Есап палатасының ўәкили жумысын жолға қойыў тапсырмасы берилди.

Бул басшылар – системадағы ҳадал емес шахсларды анықлаў, сондай-ақ, бюджет қаржыларының талан-тараж етилиўи ҳәм лаўазымынан пайдаланыў жағдайларының алдын алыў бойынша тәсиршең қадағалаў орнатады ҳәм Президент алдында есап беретуғынын атап өтти.

Нызам алдында ҳәмме тең! Қәўипсизлик хызмети, ишки ислер, прокуратура, салық, бажыхана, қаржы, банк, ири мәмлекетлик компаниялар, министрликлер ҳәм ҳәкимликлер, бир сөз бенен айтқанда, бирде-бир уйым ҳәм шөлкем қадағалаў астында болыўын атап өтти.

Алтыншы тийкарғы бағдар – заманагөй мәмлекетлик басқарыў ҳәм әдил суд-ҳуқық системасы бағдарындағы реформалар даўам еттириледи.

Бәринен бурын, 2026-жылдан баслап Электрон ҳүкимет платформасы түп-тийкарынан жаңаланады.

Енди барлық мәмлекетлик уйымлардың 1 мыңнан аслам мәмлекетлик хызметлери, 5 мыңнан аслам функция ҳәм ўазыйпалары, 240 мағлыўматлар базасы ҳәм мәлимлеме системасы, 100 мыңнан аслам мәмлекетлик хызметкердиң мәҳәлле, район, ўәлаят, республика дәрежесиндеги ўәкилликлери Бирден-бир санлы платформаға интеграцияланады.

Платформаға келип түскен мүрәжатлар, оларды орынлаўшыларға бөлистириў ҳәм көрип шығыў мүддетин қадағалаў жасалма интеллект арқалы әмелге асырылады.

“Ең әҳмийетлиси, мәмлекетлик хызметлерди көрсетиўде инсан факторысыз, коррупция ҳәм артықша бюрократиядан жырақ экосистема жаратамыз. Мәмлекетлик хызметлерди проактив ҳәм жыйналмалы түрде көрсетиў системасын раўажландырамыз,” – деди мәмлекетимиз басшысы.

Пуқараларымыздан бажыхана нызамшылығына қатаң әмел етиўин, пара усыныс етпеў ҳәм дәмегөйлик ямаса лаўазым ўәкиллигинен пайдаланыў жағдайларына дус келгенде Мәмлекетлик бажыхана комитетиниң 11-08 ҳәм Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасының 61-224-90-86 исеним телефонларына мүрәжат етиўи мүмкин екенлигин билдиремиз.

 Қарақалпақстан хабар агентлиги

“Нөкис Аэропорты” шегара бажыхана постының инспекторы Я.Зиляева