Балалардың дәртине шыпа болған дәргай

Соңғы жыллары пүткил дүньяда ҳәр қыйлы унамсыз факторларға байланыслы балалар арасында кеселлик түрлери көбейип, бул кең жәмийетшиликти қәўетерге салмақта.
Әсиресе, бала десе ишкен асын жерге қоятуғын” бизиң халқымыз, нәрестелердиң жаны сызлағанын билсе, өзин қоярға жер таба алмай, оны шыпакерге көрсетип емлетиўге асығады.
Нөкис қаласында жайласқан Республика аймақлық балалар медициналық реабилитация орайы халқымызға бийминнет хызмет көрсетип киятырған усындай саўалландырыў орынларынан бири болып есапланады. Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен шөлкемлестирилген медиатур даўамында елимиздеги ғалаба хабар қураллары хызметкерлери менен бир қатарда мен де орайдың бүгинги жумыслары менен жақыннан таныстым.
– Орайымыз Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022 жыл 7-июльдеги
«Қарақалпақстан Республикасында 2022-2024-жылларда халықтың саламатлығын қорғаўды буннан былай да күшейтиў ҳаққында”ғы 310-санлы қарарының 1 бәнтине тийкар шөлкемлестирилип, 2023-жылдың 21-февралынан баслап Қарақалпақстан Республикасы бойынша созылмалы кеселлиги ҳәм майыплығы болған 18 жасқа шекемги балаларға медициналық реабилитация хызметин көрсетип келмекте, – дейди орай директоры Гүлистан Назарымбетова. – Республика аймақлық балалар медициналық реабилитация орайы 120 орынға мөлшерленген болып, онда травматология, пульмонология, неврология ҳәм кардиоревматология бөлимлери балаларға хызмет көрсетип келмекте. Орайдың тийкарғы ўазыйпаларының бири 18 жасқа шекем болған майып ҳәм наўқас балалардың жасаў шараятын жақсылаў, соның менен бирге денсаўлығын қайта тиклеў (реабилитация) арқалы емлеў, майыплылықтың алдын алыў, кеселликлердиң профилактикасы ҳәм медициналық реабилитация бойынша жоқары технологияларға тийкарланған қәнигелестирилген жәрдемге болған мүтәжликти қанаатландырыўдан ибарат. Сондай-ақ, орайда заманагөй медициналық әсбап-үскенелер менен тәмийинленген лаборатория ҳәм физиотерапия бөлимлери шөлкемлестирилген.
– Өткен жылдың февраль айынан баслап 2021-жылы туўылған баламды усы орайға алып келип, емлетип атырман, – дейди Қоңырат районы турғыны Жазийра Алиева. – Шыпакерлердиң дурыс диагноз қойыўы, керекли емлерди буйырыўы ҳәм мийрибийкелердиң талапқа сай медициналық хызмет көрсетиўи нәтийжесинде, бурын тек ғана “папа” деген сөзди айтатуғын балам бүгинги күнге келип, өзин толық таныстырып, қосық-тақмақларды ядтан айта алатуғын дәрежеге келди. Буның ушын орай шыпакери Гүлсара Тажибекова ҳәм мийрибийкелерге үлкен рахмет айтаман.
Барлық қолайлы шараятлар жаратылған ҳәм ең заманагөй медициналық аппаратуралар менен тәмийинленген бул орайда майыплығы дизимге алынған балалар жылына 12-14 күннен еки мәрте бийпул емленип, балалар 5 мезгил азық-аўқат пенен, оның күтиўшилери болса 3 мезгил аўқат пенен тәмийинленеди екен.
– Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының арнаўлы қарары тийкарында, 2024-жылы 2 млрд 275 млн сумға ТМС, ЭНМГ, санлы рентген, УЗИ ҳәм ЭКГ, 2025-жылы “Меҳирли инсанлар” фонды тәрепинен балалар дем алыў ханасы, емлеў-физкультурасы ханасы, 2026-жылы суў процедурасы ханалары керекли әсбап-үскенелер менен тәмийинленип, орнатып берилди, – дейди орайдың бас шыпакери Илаҳийда Қурбанова. – Буның ушын республикамыз ҳүкиметине, тараў басшыларына ҳәм “Меҳирли инсанлар” фондына айрықша миннетдаршылық билдиремен.
– 2021-жылы туўылған қызым 1 жасында инсульт болып, шеп қолы ҳәм аяғы ислемей қалған еди, – дейди орайда қызын емлетип атырған әмиўдәрьялы Умида Саидова. – Қудайға мың қәтле шүкир усы орай шыпакерлериниң, әсиресе, Гүлсара Тажибекова ҳәм Гөззал Кенжебаевалардың қызыма көрсеткен қалыс жәрдеминиң арқасында, бүгин қызым қатарға қосылып, аўырыўынан толық айығып кетти. Мениң орай басшылары, шыпакерлери, мийирбийкелери, аспазлары ҳәм киши буўын медицина хызметкерлерине айтар алғысым шексиз. Себеби, олардың жәрдемисиз бизлер усындай шексиз бахытқа бөленбеген болар едик. Илайым, берекет тапсын…
– ТМС медициналық аппараты (транскраниал магнитли стимулятор) – бас мий қабығын қысқа магнит импульслери менен инвазив болмаған ҳалда қозғатыўшы қурылма болып, неврология, психиатрия ҳәм реабилитацияда депрессия, инсульт ақыбетлери, Паркинсон ҳәм Альцгеймер кеселликлери, ДЦП кеселлигин емлеўде қолланылады, – дейди орайдың неврофизиолог шыпакери Гүлсара Тажибекова. – Бул процедура адам денесинде мий функцияларын тиклеўге жәрдем береди. Өзим усы аппаратурада адамларды емлеў бойынша арнаўлы курста оқып қайтып, халқымызға хызмет етип киятырман.
– Орайымыз хызметкерлери бул жерге келген ҳәр бир емлениўши тез арада өз аяғы менен жүрип, саўалып кетеди, – деген сөзди өзлерине уран етип алған ҳәм сол ўәдени орынлаў ушын аянбастан мийнет етеди, – дейди орай директоры Гүлистан Назарымбетова. – Бирақ, негедур халқымыз дәри-дәрмаққа қатты исенип қалған ҳәм орайға келсе, балама қандай укол саласыз деп сорай береди. Ал, мен болсам оларға балаларды көбирек физиотерапиялық емлеў усыллары менен емлеймиз деп айтаман. Дәслепки ўақытлары олар мениң сөзиме онша исениңкиремейди. Ал, баласына ем қонғанын көргеннен соң болса, өзлериниң көз жасларын тыя алмай орай хызметкерлерине мың сан-еки алғысларын жаўдырады. Мәселен, өткен жылы Шымбай районынан келген бир ата-ана өзиниң жүре алмайтуғын баласын алып келип, оны емлегеннен соң, өз аяғы менен жүргенин көрип, қуўанғанынан ерксиз жылағанын көргенде, бизлер де қосылып жыластық. “Бала күлсе, әлем күледи” – деген гәп рас екен. Соңынан шымбайлы ата-ана бизлерди “баласының аяқ басып жүрген шашыўына шақырды. Сонда олар бизлер баламызға аяқ-кийим сатып алмайтуғын шығармыз деп ойлайтуғын едик. Мине қудайға шүкир, бүгин елимизде медицина тараўы жақсы раўажланған екен, балам өз аяғы менен қара жерди қайра-қайра басты. Буның ушын сизлерге оғада миннетдарман деп шексиз қуўанышқа бөленди. Халқымыздың усындай алғыслары орай хызметкерлерине айрықша күш-қуўат берип, бизлерди және де алға қарай умтылдыра береди.
Мағлыўмат ушын айтатуғын болсақ, республикамыз турғынларына бийминнет хызмет көрсетип киятырған бул реаблитация орайында бүгинги күни 20 шыпакер, 62 мийирбийке, 55 киши буўын, 4 педагог, 20 хожалық ислери бойынша қәнигелери хызмет көрсетип келмекте. Шыпакерлерден бесеўи жоқары, екеўи биринши ҳәм үшеўи екинши категория маманлығына ийе.

Өткен жылы орайда майыплығы ҳәм созылмалы кеселлиги болған 3138 бала емленип шыққан.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.
М.Ҳабибуллаевтың түсирген сүўретлери.