“Әҳмийетли 100 күнлик”: нефть-газ тараўында белгиленген тийкарғы ўазыйпалар қалай орынланбақта?

20

Нефть-газ тараўында әмелге асырылып атырған реформалардың нәтийжелилиги, бәринен бурын, қабыл етилген қарарлар ҳәм белгиленген ўазыйпалардың өз ўақтында ҳәм толық орынланыўына тиккелей байланыслы. Стратегиялық әҳмийетке ийе бул тармақта өндиристиң турақлылығын тәмийинлеў, ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм басқарыў системасын жетилистириў атқарыў тәртибин беккемлеўди талап етпекте.

Сонлықтан, тараўда алып барылып атырған ҳәр бир реформаның әмелдеги нәтийжеси басшылар ҳәм жуўапкер хызметкерлердиң жуўапкершилиги және орынлаўға болған қатнасы менен белгиленеди.

“Өзбекнефтьгаз” АЖ басқармасы баслығы Абдугани Сангиновтың қатнасыўында өткерилген гезектеги мәжилисте жәмийеттиң жумысындағы усындай тийкарғы бағдарлар, берилген тапсырмалардың орынланыўы ҳәм жумыс тәртибин тәмийинлеў мәселелери ҳәр тәреплеме додаланды. Мәжилис даўамында “әҳмийетли 100 күнлик” шеңберинде усы күнге шекем әмелге асырылған жумыслар ҳәм бар кемшиликлер ҳәр тәреплеме талланды.

Атап өтилгениндей, усы дәўир ишинде жәмийетте геология-излеў жумысларын жеделлестириў, газ қазып шығарыў көлемлерин арттырыў, нефть-газ өнимлерин ислеп шығарыў көрсеткишлерин тәмийинлеў, финанслық саламатландырыў, кредит жүгин азайтыў ҳәм санластырыў бойынша кең көлемли реформалар басланды.

Соның менен бирге, тапсырмалардың орынланыўы орынларда өз көринисин берип атырғаны атап өтилип, ўазыйпалардың айырым бәнтлерин орынлаўда жүзеге келип атырған тосқынлықларды сапластырыў бойынша анық шешимлер ортаға тасланды. Атап айтқанда, газ қазып шығарыўды арттырыў, қудықларды бураўлаў ҳәм капитал оңлаў жумысларын жеделлестириў, заманагөй технологияларды тартыў, сырт елли шериклер менен сөйлесиўлерди нәтийжели шөлкемлестириў, бураўлаў ушын зәрүр материаллық-техникалық ресурслар тәмийнатын қатаң қадағалаўға алыў бойынша қосымша тапсырмалар берилди.

Жәмийет мәлимлеме хызметиниң хабарына бола, мәжилис жуўмағында басқарма баслығы атқарыў тәртибин тәмийинлеў барлық басшылар ушын тийкарғы ўазыйпа екенин айрықша атап өтип, барлық тапсырмалардың орынланыўын күнлик қадағалаўға алыў ҳәм нәтийжелер бойынша ай жуўмағында есабат бериў ўазыйпасын белгилеп берди. Атқарыў тәртибин бузған жуўапкерлерге қатаң шаралар көрилиўи белгиленди.

“Әҳмийетли 100 күнлик” нәтийжелери нефть-газ тараўындағы реформалар тек ғана атқарыў тәртиби ҳәм жуўапкершиликли қатнас жасаў арқалы нәтийже беретуғынын көрсетти. Турақлы өндиристи тәмийинлеў, заманагөй технологияларды енгизиў ҳәм ўазыйпаларды қатаң қадағалаў тараўдағы ҳәр бир басшы ҳәм хызметкер ушын тийкарғы ўазыйпа болып қалмақта.

Н.Зиёдуллаева, ӨзА