Гастрономиялық туризмниң раўажланыўы: халықаралық нормаларға әмел етиў күнниң талабы

Бүгинги күнде “DMO Karakalpakstan” (Destination Management Organization of Karakalpakstan – туристлик бағдарды басқарыўшы шөлкем) жәмийетлик бирлеспеси тәрепинен аймақтың туризм тараўын раўажландырыў бағдарында бир қатар жойбарлар әмелге асырылмақта. Нөкис қаласында усы шөлкемниң “Жәмийетлик аўқатланыў орынларында гигиена ҳәм сапаны басқарыў” атамасындағы гезектеги семинар–тренинги болып өтти.
Илаж “QR Gastronomic Quality” жойбары шеңберинде шөлкемлестирилди.
«DMO Karakalpakstan» ҳәзирги ўақытта Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси жанындағы Пуқаралық жәмийети институтларын қоллап-қуўатлаў жәмийетлик фондының социаллық буйыртпалар таңлаўының жеңимпазы болып, “QR Gastronomic Quality: Қарақалпақстанның тартымлылығын арттырыў ушын гастрономиялық туризм хызметлериниң сапасын баҳалаў ҳәм жақсылаў” жойбарын әмелге асырмақта. Жойбар гастрономиялық хызметлердиң сапасын арттырыў ҳәм регионның туристлик потенциалын раўажландырыўға қаратылған.
Семинар-тренингти Қарақалпақстан Республикасы Аспазлар бирлеспесиниң Нөкис қаласындағы аймақлық бөлиминиң баслығы Гүлмырза Юлдашев алып барды.
Илажда жәмийетлик аўқатланыў орынларында халықаралық стандартларға ҳәм санитариялық нормаларға муўапық азық-аўқат өнимлериниң сапасын, гигиенасын ҳәм қәўипсизлигин басқарыў системаларын енгизиў мәселелери додаланды.
Семинарға кафе, ресторан ҳәм шайханалардың ийелери ҳәм басқарыўшылары, кафе ҳәм ресторанлардың аспазлары, официантлар, зал басқарыўшылары, гастрономиялық жойбарлардың ўәкиллери, сондай-ақ, сервис тараўына қызығыўшы жаслар қатнасты.
Семинардың мақсети – азық-аўқат өнимлериниң сапасы ҳәм қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша әмелий көнликпелерди қәлиплестириў, сондай-ақ, хызметкерлер ҳәм басшылардың жуўапкершилигин арттырыўдан ибарат.
Сондай-ақ, семинарда сапа ҳәм гигиена қадағалаў системаларының халықаралық тәжирийбелери, Өзбекстанның санитариялық нызамшылығы талаплары, азық-аўқат гигиенасы ҳәм қәўипсизлиги, ишки қадағалаў ҳәм сапа аудити қураллары туўралы да кең түрде мағлыўматлар берилип, пикир-усыныслар билдирилди.

Семинарда қатнасыўшылар қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги