2030-жылға шекем онконаўқасларды емлеў менен 100 процент қамтып алыў режелестирилмекте

Шолыў
Ҳәзирги күнге шекем “Өзбекстан – 2030” стратегиясының және де байытылған, жаңа редакциядағы жойбары кең жәмийетшилик тәрепинен қызғын додаланды ҳәм көплеген пикир-усыныслар билдирилди. Бүгин, 28-январь күни жәмийетлик додалаў жуўмақланады. Мағлыўматларға қарағанда, дерлик бир ай даўамында ўатанласларымыздан 3 мың 200 ден аслам пикир-усыныслар келип түсти.

Стратегия жойбарында барлық бағдарларда бир қатар мақсетли көрсеткишлер, әҳмийетли турмыслық ўазыйпалар өз көринисин тапқаны итибарға ылайық. Атап айтқанда, халықтың саламатлығын сақлаў, кеселликлерди ерте анықлаў ҳәм алдын алыў, емлеў илажларын жеделлестириў бағдарында әҳмийетли мақсетлер, ўазыйпалар нәзерде тутылғаны миллет генофондын сақлаў, елимиз халқының саламатлығын беккемлеўде үлкен әҳмийетке ийе.
Әсиресе, онкологиялық кеселликлерди ерте анықлаў ҳәм өлимшилик көрсеткишин азайтыў бағдарында белгиленетуғын мақсет-ўазыйпалар соңғы жылларда көбейип атырған бул қәўипли кеселликти өз ўақтында анықлаў ҳәм емлеў илажларын көриўде айрықша орын ийелейди.
Атап айтқанда, стратегия жойбарында 2030-жылға шекем барлық қәўипли өспелер анықланған наўқасларды емлеў менен 100 процент қамтып алыўын тәмийинлеў ўазыйпасы нәзерде тутылмақта. Мәмлекетимизде онкологиялық кеселликлерди анықлаў ҳәм өз ўақтында емлеў бағдарында әҳмиетли илажлар әмелге асырылып атырғанын, бул бағдардағы ис-ҳәрекетлерге мәмлекетлик бюджеттен белгили муғдарда қаржылар ажыратылып атырғанын атап өтиў керек. Енди бул стратегиялық ҳүжжет шеңберинде усы бағдардағы жумыслар және де жеделлеседи, халықтың саламатлығын сақлаў мәселелерине және де избе-излик пенен қатнас жасалмақта.
Буннан тысқары, стратегия жойбарында рак кеселлиги менен 1 жыл ишинде өлим көрсеткиши 15 проценттен жоқары болмаўына ерисиў, ересеклер арасында (40 жас ҳәм оннан үлкен) қантлы диабетти ерте анықланыў көрсеткишин 70 процентке шекем арттырыў мақсетлери де нәзерде тутылмақта.
Бул мақсетлер халық арасында саламат турмыс тәризин енгизиў бағдарындағы жумыслардан баслап кеселликлерди ерте анықлаў ҳәм емлеў бағдарындағы әмелий ҳәрекетлерди және де жоқары басқышқа көтереди. Ең тийкарғысы, халықтың саламатлығын сақлаўға хызмет етеди.
Муҳтарама Комилова,
ӨзА