Қытай ҳаўа жәрдеминде электр энергиясын ала баслады

6

Қытайдың Цзяньсу провинциясында электр энергиясын қысылған ҳаўа арқалы сақлайтуғын дүньядағы ең ири объект иске қосылды. Мәмлекеттиң энергетика қәўипсизлигин тәмийинлеў ҳәм инфраструктураны раўажландырыўға салмақлы үлес қосатуғын бул комплекс “Harbin Electric Corp.” қатнасыўында қурылды.

Қуўатлылығы 600 МВт болған, 2400 МВт-саат электр энергиясын ислеп шығарыў имканиятына ийе бул қурылма шама менен 600 000 шаңарақтың жыллық талабын қаплай алады. Тараў қәнигелери бундай объектлер санаат көлеминде энергияны сақлаў ушын ең үнемли ҳәм шыдамлы шешим екенин атап өтпекте.

Станцияның жумыс усылы аймақтың тәбийғый өзгешелигине тийкарланған:

Түнде тармақтағы артықша электр энергиясы жәрдеминде ҳаўа арнаўлы жер асты үңгирине қысып сақланады. Күндиз топланған ҳаўа қайта шығарылып, турбиналарды ҳәрекетке келтиреди ҳәм турақлы электр энергиясы тутыныўшыға жеткерип бериледи.

Улыўма, ҚХРда қайта тиклениўши энергия дереклериниң кеңнен енгизилиўи есабынан энергияны сақлаў жедел ғалабаласпақта. Рәсмийлер тараўды буннан былай да раўажландырыў бойынша үлкен мақсетлерди белгилеп алған. Режеге бола, 2027-жылға шекем системаға 180 ГВт дан аслам жаңа қуўат қосылыўы күтилмекте.

 

Ф.ЯХШИБОЕВА, ӨзА