Қардың агрономиялық әҳмийети қандай?

59

Аўыл хожалығында қар тәбияттың әҳмийетли байлықларынан бири болып есапланады. Ол жерди ығаллық пенен тәмийинлейди, топырақты қатты суўықтан қорғайды ҳәм бәҳәрги өним ушын қолайлы шараят жаратады. Соның ушын да қардың өз ўақтында жаўыўы дийқаншылық ҳәм бағшылықтың раўажланыўы ушын үлкен әҳмийетке ийе.

Бизге белгили, қыс мәўсиминде атызларда жедел агротехникалық жумыслар ўақтынша тоқтап қалады. Бирақ бул тынышлық астында аўыл хожалығы ушын оғада әҳмийетли процесслер даўам етеди.

Тараў ўәкиллериниң сөзлерине бола, қар әпиўайы жаўын-шашын емес. Ол өз ўақтында ҳәм жетерли муғдарда жаўса, аўыл хожалығы ушын ҳақыйқый берекет дереги есапланады. Көбинесе әмелиятта “10:1” қағыйдасы қолланылып, 10 см. қар 1 см. суйық суўга тең деп қаралады. Бирақ әмелде қардың тығызлығы ҳәм ығаллығы ҳәр қыйлы болады. Айырым жағдайларда қар қурғақ, жеңил ҳәм үпелек болып, суў муғдары аз болады. Гейде болса қар ығал ҳәм аўыр болып, тек 3-5 см. қар 1 см. суйық суўға тең болыўы мүмкин.

Қар топырақ ушын тәбийғый қорғаў қатламы ўазыйпасын атқарады. Ҳәтте -15-20°С суўықта да қар астындағы топырақ температурасы шама менен 0°С әтирапында сақланып қалады. Бул болса гүзде егилген бийдай, арпа, салы сыяқлы қысқы егинлерди суўық урыўынан қорғайды ҳәм олардың набыт болыўының алдын алады. Сондай-ақ, қар қатламы топырақ бетин самал ҳәм суў эрозиясынан да қорғайды. Сондай-ақ, қар топырақты тек ғана ығаллық пенен емес, ал атмосфера қурамындағы азот, нитрат ҳәм аммоний менен де байытады. Бул затлардың қар менен топыраққа сиңиўи егинлер ушын тәбийғый азықлық дереги болып хызмет етеди.

Ерте бәҳәрде, әсиресе, суў эквиваленти жоқары болған қардың әсте-ақырын ериўи нәтийжесинде топырақ жетерли дәрежеде ығалланады. Бул болса өсимликлердиң тамыр системасының раўажланыўы ҳәм жоқары өнимдарлықты тәмийинлеў ушын беккем тийкар жаратады.

 

Муҳайё Тошқораева, ӨзА