“Ҳадаллық атаўы”ның ареалы кеңеймекте

Өзбекстанда коррупцияға қарсы гүресиў бойынша “Ҳадаллық атаўы” ((Islands of Integrity) методологиясының екинши басқышы иске қосылды. Бул қатнас мәмлекеттиң бир қатар аймақларында бурын әмелий нәтийжелерин көрсеткен жергиликли басқарыў моделин кеңейтиўди нәзерде тутады.
Төрткүл районында коррупцияға қарсы гүресиўдиң халықаралық көлемде тән алынған усы “Ҳадаллық атаўы” методологиясын енгизиўдиң екинши басқышына старт берилди.
Илажға миллий ҳәм халықаралық бирге ислесиўшилер, соның ишинде, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Суд-ҳуқық мәселелери ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў комитетиниң баслығы А.Атажанов, Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги директорының орынбасары У.Тохташева, Төрткүл районы ҳәкими И.Худайбергенов, БМШ Раўажланыў бағдарламасының Өзбекстандағы турақлы ўәкили Акико Фужии ҳәм Европа Аўқамының Өзбекстандағы Делегациясының Екинши хаткери ҳәм бирге ислесиў бөлиминиң баслығы Христос Ма қатнасты.
Екинши басқыш 2024-2025-жыллары Вобкент районы, Жиззақ қаласы ҳәм Мырза Улығбек районында өткерилген дәслепки тәжирийбеге тийкарланып әмелге асырылмақта. Биринши басқыш шеңберинде жергиликли ҳәкимият уйымлары мәмлекетлик басқарыўдың коррупцияға ең бейим тараўларында коррупция қәўип-қәтерлерин анықлаў, ишки тәртип-қағыйдаларды қайта көрип шығыў ҳәм жергиликли шараятларға сәйкес келетуғын әмелий шешимлерди келисип алыў ушын бир қатар системалы семинарлар шеңберинде биргеликте жумыс алып барды. Нәтийжеде, ҳәр бир тәжирийбе аймағы өзиниң 2025-2026-жылларға мөлшерленген Стратегиялық жол картасын ҳәм Ҳәрекетлер режесин ислеп шықты. Бул ҳүжжетлерде мәмлекетлик уйымлардың күнделикли жумысында коррупция қәўпин азайтыў бойынша анық қәдемлер белгилеп қойылған. Бул режелер жергиликли лаўазымлы шахслардың өзлери тәрепинен ислеп шығылғанлығы себепли, олар ҳақыйқый әмелиятқа тийкарланады ҳәм күшли жергиликли қатнас ҳәм нәтийже ушын жуўапкершилик тәмийинленеди.
Бул тәжирийбеге сүйенип, Өзбекстан 2026-жылы бул қатнасты және алты район, яғный Хорезм ўәлаятының Хазарасп районы, Наўайы ўәлаятының Кенимех районы, Самарқанд ўәлаятының Жамбай районы, Ферғана ўәлаятының Алтыарық районы, Наманган ўәлаятының Поп районы ҳәм Қарақалпақстан Республикасының Төрткүл районында қолланбақта. Буннан мақсет – сынақ басқышынан алынған сабақларды қолланыў ҳәм ҳадаллық әмелиятын жергиликли ҳәкимликлердиң күнделикли жумысына айландырыў болып табылады.
Европа Аўқамының қаржылай жәрдеминде ҳәм Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги ҳәм Коррупцияға қарсы гүресиў миллий кеңеси менен тығыз бирге ислесиўде БМШ Раўажланыў бағдарламасының усы методологияны Өзбекстан шараятына бейимлестирип, аймақларда көзқарасты енгизиўди қоллап-қуўатлайтуғын коррупцияға қарсы гүресиў бойынша қәнигелердиң миллий топарын таярлады.
Нәзерде тутылған бул кеңейтилген басқыш ишки тәртип-қағыйдаларды жетилистириў, санлы қадағалаўды күшейтиў ҳәм жергиликли дәрежеде коррупцияның алдын алыўда жәмийетшиликтиң және де белсене қатнасын хошаметлеўге қаратылады.



Мағлыўмат ушын: Коррупцияға қарсы гүресиў бойынша “Ҳадаллық атаўы” методологиясы халықаралық көлемде тән алынған көзқарас болып, Орайлық, Шығыс ҳәм Қубла-Шығыс Европаның 11 мәмлекетинде және 30 дан аслам жергиликли басқарыў уйымларында қолланылған. 2011-жылы усы методология “БМШтың мәмлекетлик хызметине қосқан үлеси ушын” сыйлығына (БМШтың Мәмлекетлик хызмет сыйлығы) ийе болды ҳәм Венадағы Халықаралық коррупцияға қарсы гүресиў академиясы ҳәм Гаага жергиликли басқарыў академиясы сыяқлы абырайлы мәкемелерде оқытылмақта.
Бул методология тек ғана айырым шахсларды жазалаўға итибар қаратыўдың орнына, жергиликли ҳәкимият уйымларына өз системаларындағы әззи тәреплерди анықлаў ҳәм жергиликли шараят ҳәм басламаларды есапқа алған ҳалда ислеп шығылған әмелий шешимлерди енгизиўге жәрдем береди. Өзбекстанда бул методология Өзбекстан Республикасы Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги ҳәм БМШ Раўажланыў бағдарламасының Европа Аўқамы тәрепинен қаржыландырылып атырған “Өзбекстанда коррупцияға қарсы миллий экосистеманы беккемлеў” биргеликтеги жойбары шеңберинде әмелге асырылмақта.
Қарақалпақстан хабар агентлиги