БМШ Бас хаткери: Халықаралық ҳуқық үстинлигисиз тынышлық мүмкин емес

5

БМШ Бас хаткери Антониу Гутерриш структураның Қәўипсизлик Кеңесинде халықаралық ҳуқықый тәртипти беккемлеў бойынша ашық пикирлесиўде шығып сөйледи. Онда тынышлық, әдиллик ҳәм нәтийжели көп тәреплемелик мәмлекетлердиң БМШ Режеси ҳәм халықаралық ҳуқық бойынша миннетлемелерин орынлаўына тиккелей байланыслы екенин атап өтти.

– Бул система барлық мәмлекетлер ушын мәжбүрий ҳәм мәмлекетлердиң суверенитети, аймақлық пүтинлиги ҳәм сиясий ғәрезсизлигине ҳүрметке тийкарланған, – деди ол өзиниң шығып сөйлеген сөзинде. – 2024-жылы шөлкемге ағза мәмлекетлер халықаралық ҳуқыққа садықлығын және бир мәрте тастыйықлап, “Келешек ушын” пактин қабыл етти, бирақ бүгинги күнде жағдай бираз төменлемекте. Тилекке қарсы, пүткил дүньяда глобаллық нызам үстинлиги “тоғай нызамы” менен араласып кетти.

Гутерриш халықаралық ҳуқықтың қопал түрде бузылыўы ҳәм БМШ Режесине “немқурайдылық”ты қатты сынға алды. Оның сөзлерине бола, бундай ҳәрекетлер қәўипли прецедентлерди жаратады ҳәм мәмлекетлер арасындағы исенимди жоғалтады.

– Газадан Украинаға шекем, Саҳелден Мянмаға шекем, Венесуэла ҳәм басқа да орынларда халықаралық ҳуқық барған сайын көбирек “меню” сыпатында қаралмақта, – деди Бас хаткер. – Қәўипсизлик Кеңеси барлық мәмлекетлер ушын тынышлық ҳәм қәўипсизлик мәселелери бойынша мәжбүрий қарарлар қабыл етиў ушын БМШ Уставы менен ўәкиллик берилген бирден-бир уйым есапланады. Соның ушын Қәўипсизлик Кеңесин реформалаў оның ўәкиллик ҳәм нәтийжелилигин арттырыў ушын оғада әҳмиетли болып есапланады.

Бас хаткер ҳәрекет етиў ушын үш тийкарғы бағдарды атап өтти.

Бириншиден, барлық мәмлекетлер өз миннетлемелерин орынлаўы керек. Себеби, БМШ Режесиниң мақсетлери ҳәм принциплери ықтыярлы емес.

Екиншиден, ол БМШ Режесинде нәзерде тутылған келиспеўшиликлерди тыныш жол менен шешиў механизмлеринен – сөйлесиўлер, дәлдалшылық ҳәм арбитраждан және де жедел пайдаланыўға ҳәм келиспеўшиликлердиң алдын алыў ушын регионаллық шөлкемлер менен бирге ислесиўди беккемлеўге шақырды. Оның қосымша етиўинше, раўажланыўға инвестиция киргизбей, кәмбағаллық, теңсизлик ҳәм коррупцияға қарсы гүресиўсиз тынышлық мүмкин емес.

Үшиншиден, Гутерриш ғәрезсиз әдил судлаў ҳәм жуўапкершиликтиң әҳмийетин атап өтти. Ол мәмлекетлерди Халықаралық Судтың мәжбүрий юрисдикциясын тән алыўға ҳәм Халықаралық Жынаят Судының бийғәрез жумысын тәмийинлеўге шақырды.

Г.Сатторова, ӨзА