Экологиялық ҳуқықбузарлықлар ушын жуўапкершилик күшейтиледи

Бүгинги күнде экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў мәселеси ең әҳмийетли машқалалардан бирине айланып бармақта. Төменги палатаның мәжилисинде экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм тәбияттан ақылға уғрас пайдаланыў тараўындағы ҳуқықбузарлықларды тәртипке салыўға қаратылған нызам жойбары екинши оқыўда додаланды.
– Нызам жойбары менен қоршаған орталықты қорғаў тараўындағы нызамшылық талапларының бузылыўының алдын алыў, атап айтқанда, дәрьялардың аңғарларын тазалаў ҳәм жағалықларын беккемлеў жумысларын әмелге асырыў тәртибин бузыў, суў ресурсларын патасландырыў, тереклер ҳәм путаларды нызамсыз түрде кесиў ямаса жоқ етиў, оларды қорғаў илажларын көрмеў, сондай-ақ, атмосфера ҳаўасын патаслаў менен байланыслы жағдайларға жуўапкершилик күшейтилмекте, – дейди Нызамшылық палатасының комитет баслығы Х.Ғаффоров. – Жойбар менен “Тәбиятты қорғаў ҳаққында”ғы, “Өсимлик дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыў ҳаққында”ғы нызамлар және Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекске тийисли өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилмекте.
Атап айтқанда, дәрья аңғарларынан рудалық емес материалларды нызамсыз қазып алыў, суў ресурсларын патасландырыў, терек ҳәм путаларды нызамсыз кесиў ямаса жоқ етиў, патасландырыўшы затларды белгиленген нормадан артық муғдарда атмосфера ҳаўасына шығарыў, қурылыс майданларында шаң ҳәм қум бөлекшелериниң ҳаўаға көтерилиўин сапластырмаў, сондай-ақ, жаныў ушын мөлшерленбеген орынларда ямаса қурылмаларда жанылғы, затлар ҳәм шығындыларды жағыў жағдайлары ушын юридикалық тәреплерге финанслық санкциялар енгизилетуғыны белгиленбекте.
Соның менен бирге, ыссыханаларда, өндирислик имаратларда ямаса жаныў үскенелеринде шиналар, битум, мазут, плёнка, синтетикалық картон, резина, жүн талшығы ҳәм сол сыяқлы зыянлы компонентлерди өз ишине алған шығындыларды жағыў да ҳәкимшилик жуўапкершиликке себеп болады, – деди депутат.
Сондай-ақ, нызам жойбарында санаат ҳәм басқа түрдеги шығындыларды жыйнаў, тасыў, жайластырыў, зыянсызландырыў, сақлаў, утилизациялаў, қайта ислеў ямаса реализациялаў процесслеринде тәбиятты қорғаў талапларына әмел етпегени ушын да финанслық санкциялар қолланылыўы да нәзерде тутылмақта.
Додалаўларда бир қатар сораўлар көтерилди ҳәм нызам басламашылары тәрепинен тийисли жуўаплар қайтарылды. Буннан соң нызам жойбары депутатлар тәрепинен қабыл етилип, Сенатқа жиберилди.
Муҳтарама Комилова,
Аслиддин АЛИЖАНОВ (сүўрет), ӨзА