Қытайда оқыўшылардың үй тапсырмасын ЖИ тексерип атыр

6

ҚХР Сыртқы ислер министрлигиниң ўәкили Мао Нин Х социаллық тармақтағы бетинде Қытайдағы билимлендириў процесслерине жасалма интеллект (ЖИ) технологияларының енгизилип атырғанын көрсететуғын видеоролик жәриялады, деп хабар бермекте Kazinform.

«Қытай мектеплеринде билимди баҳалаў ушын жасалма интеллект технологиялары енгизилмекте. Бул оқыўшыларға анық нәтийжелерди жедел усыныў ҳәм педагогикалық жәмәәттиң жумыс жүклемесин оптималластырыў имканиятын бермекте.

Автоматластырыў процеси жазба тапсырмаларды сканерлеўди ҳәм оларды интеллектуал система арқалы жедел таллаўды өз ишине алады. ЖИ имканиятлары оқытыўшының тиккелей араласыўысыз тез қайта байланыс берип, қолжазба мәселелердиң шешимлерин анық түсиндириў имканиятын береди.

Видеоролик Х социаллық тармағында ҳәм Қытайдың Weibo микроблоглар хызметинде кеңнен тарқалды», делинеди хабарда.

Қарақалпақстан хабар агентлиги