“Басламалы бюджет” процеси қашан басланады?

16

Усы жылдың 1-февралынан “Басламалы бюджет” процесиниң 2026-жылғы биринши мәўсими старт алады. Бул мәўсим жойбар енгизилгеннен берли өткерилип атырған оныншы – юбилей мәўсим есапланады.

Мәўсим шеңберинде процесслер бир неше басқышта шөлкемлестириледи.

Атап айтқанда, 1-20-февраль күнлери пуқаралар тәрепинен жойбарлар киргизиледи.

21-февральдан 7-мартқа шекем усынылған жойбарлар таңлап алыў басқышынан өткериледи.

8-10-март күнлери үгит-нәсият жумыслары алып барылады,

11-20-март күнлери болса даўыс бериў процеси әмелге асырылады.

Сондай-ақ, 21-31-март күнлери қосымша жеңимпазлардың анықланыўы режелестирилген.

Мағлыўмат ушын, дәстүрий даўыс бериў басқышының жуўмақларына бола жеңимпаз жойбарлар 21-март – Наўрыз байрамы күни жәрияланады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги