Бир жылда 9,5 мың мүрәжат келип түсти – Бизнес-омбудсман аппараты

52

Бизнес-омбудсман аппараты тәрепинен 2025-жылда исбилерменлердиң ҳуқықларын қорғаў бойынша әмелге асырылған жумыслардың жуўмағына бағышланған брифинг өткерилди.

Есабатты Мәлимлеме хызметиниң басшысы Гулжамол Шукурова оқып еситтирди.

Брифингте мәлим етилиўинше, 2025-жыл даўамында Бизнес-омбудсманға жәми 9 555 мүрәжат келип түскен. Көрип шығылған мүрәжатлардың дерлик 48 проценти қанаатландырылып, олар бойынша исбилерменлердиң ҳуқықлары тикленип, қалған мүрәжатлар бойынша ҳуқықый түсиниклер берилген.

Анық статистикаға бола, мүрәжатлардың тийкарғы бөлеги Ташкент қаласы, Ташкент ўәлаяты ҳәм Қашқадәрья ўәлаятының үлесине туўра келеди екен. Ең көп мүрәжатлар салық, жер ҳәм кадастр, лаўазымлы шахслардың қарарлары, сондай-ақ, тексериўлер ҳәм банк-кредит мәселелерине байланыслы болған.

“Исбилерменлер менен сөйлесиўде әҳмийетли платформа болған “Исбилермен виртуал офиси” арқалы да жедел жумыс алып барылды. Бул платформаға 7 507 мүрәжат келип түсип, оларда көтерилген 8 640 мәселе көрип шығылды. Бул санлар исбилерменлер мәмлекетлик уйымларға көбирек электрон мүрәжат етип атырғанын көрсетеди,” – деди Г.Шукурова.

2025-жылы исбилерменлердиң ҳуқықларын қорғаў шеңберинде жәми 3 мың 241 тәсир илажы қолланылған. Нәтийжеде:

220 нызамсыз қарар бийкар етилди;

10 млрд сум қаржы исбилерменлерге қайтарылды;

16 млрд сум қарыздарлық бийкар етилди;

40,1 млрд сум субсидия қаржыларының ажыратылыўына ерисилди.

“Өткен жылы тексериўлер мәселеси де турақлы итибар орайында болды. 2025-жылы 148 мыңнан аслам тексериўлер муўапықластырылған. Мониторинг нәтийжесинде 9 994 нызамбузыўшылық жағдайлары анықланды, соннан 567 си нызамсыз тексериўлер, 9427 си тексериўлер өткериў тәртибин бузыў жағдайлары болып есапланады. Бул жағдайларға жол қойған лаўазымлы шахсларға 1072 ҳәкимшилик шаралар қолланылды ҳәм 103 жынайый жуўапкершиликке тартыў бойынша усыныслар тийисли ҳуқық қорғаў уйымларына жиберилди”, – делинеди Бизнес-омбудсман аппараты тәрепинен өткерилген брифингте.

Соның менен бирге, өткен жыл даўамында қадағалаўшы уйымлардың хызметкерлерине тексериў өткериў бағдарындағы нызамшылық тәртиплерин түсиндириў мақсетинде 462 семинар өткерилип, оларда 26 мыңнан аслам лаўазымлы шахслар қатнасқан.

Сондай-ақ, қадағалаўшы уйымлардың 8 682 хызметкери аттестациядан өткерилип, олардың 76 проценти исбилерменлердиң жумысында тексериў өткериўде жетерли маманлыққа ийе деп табылған.

“2025-жыл даўамында нызамшылық орынланыўын қадағалаў шеңберинде 14 қадағалаў уйымының жумысы үйренилип, 105 мыңнан аслам нызамбузыўшылық жағдайлары анықланды. Бул жағдайлар бойынша усыныс хатлары киргизилип, ҳәкимшилик ҳәм интизамый шаралар қолланылды.

Сондай-ақ, нызамшылықты жетилистириў бағдарында да системалы жумыслар әмелге асырылды. 2025-жылы 6 нызамшылық ҳүжжетиниң жойбары ислеп шығылды, 898 нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет ҳуқықый экспертизадан өткерилди, олар бойынша 780 усыныс ҳәм наразылықлар билдирилди”, – деди Бизнес-омбудсман аппараты Мәлимлеме хызметиниң басшысы Гулжамол Шукурова.

ӨзА