Өзбекстан-Қытай: Радиация ҳәм ядро қәўипсизлигин тәртипке салыў тараўында бирге ислесиў жолға қойылады

Усы күнлерде Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Санаат, радиация ҳәм ядролық қәўипсизлик комитетиниң баслығы Абдуваққос Рафиқов басшылығындағы делегация Қытайда болып тур.
Бул сапар етиў даўамында бир қатар илажлар болып өтти. Атап айтқанда, Санаат, радиация ҳәм ядролық қәўипсизлик комитетиниң баслығы Абдуваққос Рафиқов ҳәм Қытай Халық Республикасы Атом энергетикасын тәртипке салыў уйымы (NNSA) баслығы мырза Дун Баотонг арасында өткерилген ушырасыў олардан бири.
Онда еки тәреп арасындағы бирге ислесиў перспективалары көрип шығылды. Атап өтилгениндей, радиация ҳәм ядро қәўипсизлиги тараўы мәмлекет санааты ушын әҳмийетли бағдар болып, бул процессте халықаралық тәжирийбе ҳәм көнликпелер үлкен әҳмийетке ийе.
Сөйлесиўлер ўақтында тәреплер радиация ҳәм ядро қәўипсизлигин тәртипке салыў тараўында бирге ислесиў ҳаққында уйымлараралық өз-ара түсинисиў меморандумына қол қойды.

Бул меморандум Президентимиздиң тийисли пәрманы менен тастыйықланған Санаат, радиация ҳәм ядро қәўипсизлиги тараўларында мәмлекетлик қадағалаўды жетилистириў бойынша “Жол картасы”ның орынланыўын тәмийинлеўге қаратылған. Ҳүжжет еки мәмлекеттиң ўәкилликли уйымлары арасында атом энергетикасы тараўында тәртипке салыў инфраструктурасын раўажландырыў, миллий атом энергетикасы бағдарламаларын нәтийжели шөлкемлестириў, нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди ислеп шығыў, кадрлар потенциалын арттырыў ҳәм радиация ҳәм ядро қәўипсизлигин тәмийинлеўге қаратылған басқа да тийкарғы бағдарларда бирге ислесиўди кеңейтиўге хызмет етеди.
Комитет мәлимлеме хызметиниң хабарына бола, ҳәзирги күнде Қытай Халық Республикасында улыўма қуўатлылығы 62,2 ГВт болған 59 атом электр станциясы энергоблоклары эксплуатацияланбақта. Сондай-ақ, 28 жаңа энергоблок қурылысы әмелге асырылмақта. Атом электр станцияларында жылына 451 мың ГВт/саат электр энергиясы ислеп шығарылады.

Қытай Халық Республикасы эксплуатация етилип атырган атом энергоблоклары саны бойинша дүньяда екинши орынды (АҚШтан кейин), атом электр станцияларынын улыўма қуўатлылығы бойинша болса үшинши орынды (АҚШ ҳәм Франциядан кейин) ийелеп келмекте. Қурылып атырған жаңа атом энергоблоклары саны бойынша болса Қытай дүньяда биринши орынды иелейди.
Бул қол қойылған меморандум атом электр станцияларын қурыў ҳәм эксплуатациялаўда радиация ҳәм ядро қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша қадағалаў әмелиятын үйрениў, қәнигелердиң маманлығын арттырыў ҳәм атом энергиясынан пайдаланыў тараўында алдынғы халықаралық тәжирийбени елимизде енгизиўде әҳмийетли қәдем екенин атап өтиў керек.
Н.Зиёдуллаева, ӨзА