Сенат: Сыртқы сиясат концепциясы жетилистириледи, жақсы қоңсышылық байланыслары кеңейтиледи

31

Сенаттың Халықаралық қатнасықлар, сыртқы экономикалық байланыслар, сырт ел инвестициялары ҳәм туризм мәселелери комитетиниң мәжилисинде “Өзбекстан – 2030” стратегиясында нәзерде тутылған халықаралық қатнасықлар, сыртқы экономикалық байланысларды кеңейтиў, инвестициялық тартымлылықты арттырыў және туризм тараўын раўажландырыўға қаратылған тийкарғы ўазыйпалар додаланды.

Мәмлекетимиз басшысының Олий Мажлис ҳәм Өзбекстан халқына жоллаған Мүрәжатынан келип шыққан ҳалда “Өзбекстан-2030” стратегиясында мәмлекетимиздиң халықаралық имиджин буннан былай да арттырыў, сырт ел инвестицияларын тартыў, экспорт көлемин буннан былай да арттырыў ҳәм туризмди раўажландырыў илажларына айрықша итибар қаратылмақта.

Атап айтқанда, сыртқы сиясат концепциясы жетилистирилип, жақсы қоңсышылық байланыслары кеңейтиледи. Миллетлераралық татыўлықты беккемлеў, сырт елдеги ўатанласларымызды қоллап-қуўатлаў, мәмлекетимиздиң инвестицияларды тартыў стратегиясы, миллий экспорт географиясын диверсификациялаў, сондай-ақ, халықаралық финанс институтлары менен бирге ислесиў және де жеделлестириледи.

Жаңа туризмди раўажландырыў стратегиясы шеңберинде мәмлекетимиздиң туристлик потенциалын халықаралық көлемде үгит-нәсиятлаў, туризм инфраструктурасын модернизациялаў, хызметлердиң сапасын арттырыўға қаратылған илажлар да додаланды.

Сенаторлар “Өзбекстан-2030” стратегиясында белгиленген ўазыйпалардың өз ўақтында ҳәм сапалы орынланыўын тәмийинлеўде парламентлик қадағалаўды күшейтиў, мәмлекетлик уйымлар ҳәм жәмийетлик шөлкемлер арасындағы бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеў әҳмийетли екенлигин атап өтти.

Н.Абдураимова, ӨзА