Өзбекстан демографиясы: халық, неке ҳәм миграция

2026-жыл 1-январь жағдайына бола, Өзбекстанда турақлы халық саны 38 миллион 236,7 мың адамды қурады. Демографиялық қурамда ер адамлардың салмағы бираз үстин болып, олар 19 миллион 257,7 мың адам ямаса 50,4 процентти қурайды. Ҳаял-қызлардың саны болса 18 миллион 979 мың болып, улыўма халықтың 49,6 процентине туўра келеди.
Халықтың аймақлар бойынша бөлистирилиўинде қала ҳәм аўыл ортасындағы қатнас дерлик тең. Қалаларда 19 миллион 471,7 мың халық жасап атырған болса, аўыл халқы 18 миллион 765 мыңды қурамақта.
Шаңарақлық жағдай бойынша көрсеткишлерге итибар қаратылса, 2025-жыл даўамында мәмлекетте 267,1 мың неке дизимге алынған. Соның менен бирге, 46,9 мың неке бийкар етилгенлиги бақланған.
Сыртқы миграция процесслеринде болса санлардағы айырмашылықлар жүдә үлкен. Есап бериў дәўиринде Өзбекстанға 1 мың 159 адам көшип келген болса, 10 мың 117 пуқара мәмлекетти таслап кеткен.
Ҳамроз Баянов, ӨзА