Жәмийетлик белсендиликти хошаметлеў: “Ең үлгили көше бийи” таңлаўы

5

Соңғы жыллары елимизде халқымыздың тыныш-татыў ҳәм абадан турмыста жасаўы ушын барлық қолайлы шараятлар жаратылып берилмекте.

Әсиресе, аўыл-аймақларымызда жасаўшы халықтың аўызбиршилигин тәмийинлеўде көше бийлериниң атқарып атырған хызметлери айрықша. Олар көшелеримизди көклемзарластырыў, абаданластырыў ҳәм той-мерекелерди ықшам ҳәм ысырапгершиликсиз өткериўде үлкен жумысларды атқарып, олардың ислеген бул жумыслары республикамыз ҳүкимети тәрепинен ылайықлы түрде баҳаланып келинбекте.

Республикамыздың басқа аймақларында болғаны сыяқлы, Шымбай районында аўыл-аймақлардың турмысында белсендилик ҳәм жуўапкершилик пенен жумыс алып барып атырған көше бийлери арасында өткерилген “Ең үлгили көше бийи” таңлаўының районлық басқышы жеңимпазларын сыйлықлаўға бағышланған салтанатлы илаж болып өтти.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Ш.Өтемисов, район ҳәкиминиң орынбасары А.Утемисов, тийисли тараў жуўапкерлери қатнасты.

Салтанатлы мәресимде мәҳәллелерде тынышлық ҳәм татыўлықты тәмийинлеў, халық пенен тығыз бирге ислесиўде ислеў, социаллық машқалаларды шешиўде белсендилик көрсетип киятырған көше бийлериниң ислеп атырған жумыслары айрықша атап өтилди.

Илажда таңлаўдың районлық басқышында биринши, екинши ҳәм үшинши орынларды ийелеген көше бийлерине 5 миллион сумнан, 22 мәҳәллениң көше бийи 1 миллион сум ақша менен сыйлықланды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы