Көшпели суд – ашықлық ҳәм нызамлылық үлгиси

Шымбай районлық жаслар орайы имаратында Жынаят ислери бойынша Шымбай районы судының баслығы А.Успанов басшылығында көшпели суд мәжилиси болып өтти.
Онда Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 248-статьясы 1-бөлими менен айыпланған Е.Д.ның ҳәм Жынаят кодексиниң 169-статьясы 3-бөлими “б” бәнти менен айыпланған П.Ж.ға топланған жынаят ислери көрип шығылды.
Судланыўшы Е.Д. өз айыбын толық мойынлап, пушайманлық билдиргени себепли, жынаят ислери бойынша Шымбай районы судының ҳүкими менен оған Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 248-статьясы 1-бөлиминде нәзерде тутылған жынаятты ислегенликте айыплы деп табылып, оған усы статья менен жәрийма жазасы тайынланды.
Сондай-ақ, көшпели суд мәжилисинде судланыўшы П.Ж. да өз айыбын толық мойынлап, пушайманлық билдиргени, жәбирлениўшиге жеткерилген материаллық зыянлар толық қапланғанлығы себепли, суд ҳүкими менен судланыўшы П.Ж. Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 169-статьясы 3-бөлими “б” бәнтинде нәзерде тутылған жынаятты ислегени ушын айыплы деп табылып, оған усы статья менен ЖКниң 57-статьясын қолланған ҳалда ҳәр айлық мийнет ҳақысының 10 процентин мәмлекет дәраматына услап қалған ҳалда 2 жыл мүддетке мийнет пенен дүзетиў жумыслары жазасы тайынланды.
Соның менен бирге, Шымбай районы Ишки ислер бөлими ЖҲҚ Пробация топары есабында жаза өтеп атырған 5 пуқара жазаны өтеў тәртип-қағыйдаларына жақсы мүнәсибетте болғаны, ислеген қылмысынан шын кеўилден пушайманлығын инабатқа алып, Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 73-статьясына тийкарланып жазадан мүддетинен алдын шәртли азат етилди.



Суд мәжилисиниң жуўмағында суд баслығы тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен суд тараўына байланыслы жаңадан қабыл етилген пәрманлар ҳаққында ҳуқықый түсиндириў жумысларын алып барды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги